Өзбекстан халқы Палестинниң тыныш халқының басына түскен апатшылық ҳәм дәрт-қайғыларды жүректен өткермекте, деди Өзбекстан Президентиниң өмирлик жолдасы Зироат Мирзиёева Стамбулдағы саммитте.

Биринши ханым еки тәрепти де тезлик пенен оқ атыў ҳәм жаўынгерлик ҳәрекетлерди тоқтатыўға, қыйын жағдайда қалған халыққа гуманитарлық жәрдем жеткериў ушын имканият жаратыўға, тартысты тек ғана тыныш, дипломатия жолы менен «еки халық ушын еки мәмлекет» принципи тийкарында шешиўге шақырып, Өзбекстанның бул бағдардағы беккем позициясын және бир мәрте билдирди.

Өзбекстан Палестин халқы менен бирге ҳәм тилеклес екени, оның Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң резолюцияларына муўапық өз ғәрезсиз мәмлекетин қурыўға болған ҳуқықын толық қоллап-қуўатлайтуғыны атап өтилди.

Саммит жуўмағында мәмлекет ҳәм ҳүкимет басшыларының Газа секторы бойынша мәжилиси Жақсы нийет декларациясы қабыл етилди.




ӨзА