Өзбекстан Республикасының биринши ханымы Зироат Мирзиёева Түркия Республикасының Биринши ханымы Эмине Эрдоғанның мирәт етиўине бола 15-ноябрь күни «Палестинде тынышлық ушын биргеликте» саммитинде қатнасты.

Стамбул қаласында Эмине Эрдоғанның басшылығында өткен мәмлекет ҳәм ҳүкимет басшылары өмирлик жолдасларының мәжилисинде Малайзия Маликасы Тунку Азиза, Бангладеш Биринши ханымы Ребекка Султан, Босния ҳәм Герцоговина Биринши ханымы Сабина Комшич, Қатар Әмириниң анасы Шайха Мўза бинт Носир ал-Миснид, Ливан Бас министриниң өмирлик жолдасы Мэй Микати, Пакистан Бас министриниң өмирлик жолдасы Садия Раҳматуллоҳ ҳәм басқа да мәмлекетлердиң жоқары дәрежели ўәкиллери де қатнасты.

Ушырасыў Газадағы тыныш халықтың азап-ақыретлерине шек қойыў ҳәм Палестин-Израил тартысына шешим табыў жолында беккем тилеклесликти көрсетиў мақсетинде шөлкемлестирилди.



ӨзА