11-ноябрь – Өзбекстан кәсиплик аўқамлары күни

Мәмлекетимизде болып атырған реформаларға Өзбекстан кәсиплик аўқамлары да белсене үлес қоспақта. Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен елимиз тарийхында биринши мәрте 11-ноябрьди «Кәсиплик аўқамлары күнин белгилеў ҳаққында»ғы нызам қабыл етилди.

Мәмлекетимизде кәсиплик аўқамларының еркин ҳәм кең көлемли жумыс алып барыўы ушын барлық шараятлар жаратылған. Нәтийжеде кейинги жыллары кәсиплик аўқамлары ҳәм жумыс бериўшилер арасындағы социаллық шериклик жаңа басқышқа көтерилди. Кәсиплик аўқамларының хызметкерлердиң мийнет ҳуқықларын қорғаў, мийнет нызамшылығын жетилистириў ҳәм ХМШ конвенцияларын ратификациялаўда бирге ислесиў бағдарларындағы жумысы сезилерли дәрежеде артты.

2023-жылдың 10 айы даўамында кәсиплик аўқамы шөлкемлери тәрепинен юридикалық ҳәм физикалық тәреплердиң 3 мың 643 мүрәжаты көрип шығылды. Нәтийжеде дерлик 8,5 мың хызметкердиң ҳуқықлары тикленип, олардың пайдасына 26 миллиард 114 миллион сумнан артық зыян пуллары өндирилди. Хызметкерлер ҳуқықларын тиклеўди сорап жумыс бериўшилерге киргизилген 82 усыныс хаттың 67 си қанаатландырылып, нызам бузылыўы сапластырылды. Өзбекстан кәсиплик аўқамлары федерациясы тәрепинен мәмлекетлик уйымлары ҳәм шөлкемлеринде жәмийетшилик қадағалаў шеңберинде Гендерге байланыслы аудит өткериў жумыслары жолға қойылды.

Министрлер Кабинети, Кәсиплик аўқамлары федерациясы ҳәм Жумыс бериўшилер конфедерациясы арасындағы социаллық-экономикалық мәселелер бойынша қол қойылған Бас жәмәәтлик келисим, 14 аймақлық жәмәәтлик келисим, 102 тармақ жәмәәтлик келисимине әмел етпекте. Тиккелей кәрхана ҳәм шөлкемлерде кәсиплик аўқамы хызметине алынған 113 мың 262 юридикалық тәрептиң 113 мың 174 инде, яғный 99,9 процентинде жәмәәт шәртнамалары дүзилди. Бул ҳүжжет арқалы мүнәсип мийнет шараятларын жаратыў, мийнетти қорғаў ҳәм гигиенасы, бәнтликти тәмийинлеў, мийнетке ҳақы төлеў, социаллық жеңиллик ҳәм кепилликлер белгилеў, дем алдырыў ҳәм саламатландырыў жумыслары әмелге асырылмақта. Жәмәәт шәртнамасының илажларын орынлаў ушын республика бойынша орташа 1 хызметкерге жыл даўамында жумсалған қаржы муғдары 7 миллион 600 мың сумнан асламды қурамақта.

Жәмәәт шәртнамасы мийнет ҳақы муғдарын арттырыўдың нәтийжели қуралына айланып атырғаны да қуўанышлы. Атап айтқанда, республика бойынша 19 мың 15 кәрхана ҳәм шөлкемде жәмәәт шәртнамалары тийкарында бирден-бир тариф сеткасында белгиленген разрядлар коэффициенти көтерилиўине ерисилди. Бул арқалы дерлик 900 мың хызметкердиң мийнет ҳақысы арттырылды. Жәмәәт шәртнамаларының барлығында хызметкер менен дүзилген мийнет шәртнамасын жумыс бериўшиниң басламасына бола бийкар етиўден алдын әлбетте кәсиплик аўқамы комитетиниң разылығын алыў зәрүр екенлигине байланыслы талап киргизилиўине ерисилди.

Жәмәәт шәртнамаларына бола 98 мың 436 хызметкерге  толық емес жумыс ўақты шараятында ислеў имканияты жаратылды. 2 миллион 188 мыңнан аслам хызметкер тийкарынан создырылған, 2 миллион 940 мыңнан аслам хызметкер болса жыллық қосымша дем алыслардан пайдаланбақта. 2023-жылдың 10 айы даўамында жәмәәт шәртнамалары ҳәм келисимлери арқалы 156 мың 108 пуқараға ҳәм 65 мың 55 шаңараққа дерлик 144 миллиард сумлық социаллық жәрдем көрсетилди.

Мийнет ҳақының өз ўақтында төлениўи, мийнетке ҳақы төлеўдиң ең аз муғдары стандартларына әмел етилиўи, мийнет ҳақысынан мүддети өткен қарыздарлықты сапластырыў бойынша жәмийетлик мониторинги өткерилди. Кәсиплик аўқамларының ҳәрекетлери менен суд, прокуратура, ҳәкимият уйымлары ҳәм мийнет инспекциясына киргизилген 372 мүрәжат нәтийжесинде 2023-жылдың 10 айы даўамында өз ўақтында төленбеген 151 миллиард сум мийнет ҳақы мийнеткешлерге өндирип берилди.

Мийнетти қорғаў бойынша қадағалаў-профилактика жумыслары менен бирге хызметкерлерге мүнәсип мийнет шараятлары жаратылыўы бойынша мониторинг әмелге асырылмақта. 2023-жылдың өткен дәўиринде 1 мың 235 кәрхана ҳәм шөлкем жумысы үйренилип, анықланған 4,5 мыңға шамалас кемшилик сапластырылыўы тәмийинленди. Кәрхана ҳәм шөлкемлерде бахытсыз ҳәдийселер ҳәм кәсип кеселликлериниң алдын алыў мақсетинде турақлы мониторинг әмелге асырылып, тийисли мағлыўматлар Министрлер Кабинетине киргизип барылмақта.

Өзбекстан кәсиплик аўқамлары жаңадан ашылған кәрхана ҳәм шөлкемлерди кәсиплик аўқамларына тартыў, бул арқалы оларда мийнет етип атырған хызметкерлердиң социаллық қорғалыўын тәмийинлеў бағдарында да системалы жумысларды әмелге асырмақта. Атап айтқанда, 2023-жылдың басынан ҳәзирги күнге шекем 12 мың 249 кәрхана, шөлкемде мийнет етип атырған 210 мың 96 хызметкер кәсиплик аўқамларына тартылды.

Соңғы жыллары кәсиплик аўқамларының сырт еллер кәсиплик аўқамлары ҳәм халықаралық шөлкемлер менен бирге ислесиўи раўажланбақта. Халықаралық мийнет шөлкеми менен байланыслар күшейди. Өзбекстан кәсиплик аўқамлары федерациясының басламасы менен Орайлық Азия мәмлекетлери  кәсиплик аўқамлары Кеңеси дүзилди. Түркий мәмлекетлер кәсиплик аўқамлары Кеңеси шөлкемлестирилди.

2016-жылы кәсиплик аўқамлары системасында жәми 17 санаторий жумыс алып барған болса, 2023-жылға келип олар 31 ге жетти. Федерация системасындағы санаторий ҳәм дем алыў үйлеринде 2017-жылы 5 мың 257 орын бар болған болса, 2023-жылы олардағы орынлар саны 7 мыңға жеткерилди. Нәтийжеде кәсиплик аўқамы санаторийларында жыл даўамында 200 мыңға шамалас адамды саламатландырыў мүмкиншилиги жаратылды. Усы жылдың өткен дәўиринде кәсиплик аўқамлары системасындағы санаторийларда 150 мыңнан аслам хызметкер ҳәм олардың шаңарақ ағзалары, 300 ден аслам урыс ҳәм мийнет фронты ветераны жеңиллетилген тийкарда саламатландырылды. Кем тәмийинленген, көп балалы ҳәм жас шаңарақлар ўәкиллери, медицина хызметкерлери, муғаллимлер ушын акциялар шөлкемлестирилип, олардан дерлик 3 мыңы бийпул жолламалар менен саламатлығы тикленди.

Өзбекстан кәсиплик аўқамлары федерациясы системасында Балалардың дем алыўы ҳәм саламатлығын тиклеўди шөлкемлестириў департаменти шөлкемлестирилип, 106 дем алыў орайы департаментке өткерилди. Усы жылы федерация системасына өткерилген 75 дем алыў орайында үлкен көлемдеги оңлаў жумыслары әмелге асырылып, барлық зәрүр үскене ҳәм инвентарлар, турмыслық техникалар менен тәмийинленди. Бул мақсетлерге 43 миллиард сумнан артық қаржы қаратылды. Республика бойынша жаз мәўсиминде жәми 1 мың 118 балалар дем алыў орнының жумысы жолға қойылып, оларда 350 мыңға шамалас балалар саламатландырылды.

Өткен дәўирде хызметкерлер ҳәм олардың шаңарақ ағзалары арасында спорттың ғалабалығын арттырыў мақсетинде ҳәр қыйлы спорт жарыслары, спартакиадалар, ғалабалық жүгириў ҳәм жүриў илажлары өткерилди. Мийнет жәмәәтлеринде өндирис гимнастикасы енгизилди.

Усы күнлери елимизде Өзбекстан кәсиплик аўқамлары күни кеңнен белгиленбекте. Мийнет жәмәәтлеринде Өзбекстан кәсиплик аўқамлары күнинен бағышланған илажлар өткерилмекте. Мүриўбет ҳәм Сақаўат үйлери материаллық ҳәм руўхый қоллап-қуўатланбақта. Бир сөз бенен айтқанда, кәсиплик аўқамлары системасы елимиздеги жаңаланыў процесслериниң белсенди қатнасыўшысына айланды.

Назокат УСМОНОВА,
ӨзАның хабаршысы