Қазақстан Республикасының Алматы қаласында бокс бойынша 22 жасқа шекемги жаслар арасында Азия чемпионаты болып өтти.

Онда Өзбекстан сайланды командасының 10 боксшиси финалға шекем жетип келип, чемпионлық ушын өз қарсыласлары менен кескин гүрес алып барды ҳәм солардан 4 боксшимиз алтын медальды жеңип алыўға миясар болды.

Атап айтқанда, -63,5 кг салмақта Абдуллоҳ Мадаминов, +92 кгда Жаҳонгир Зокиров, -48 кгда  Фарзона Фозилова ҳәм -52 кг да Феруза Казаковалар Азия чемпионы атағын жеңип алыўға еристи.

Ал, қалған 6 боксшимиз болса, финалда өз қарсыласларына жеңилип қалды. Республикамыз бокс жанкүйерлери ушын әҳмийетли тәрепи сонда, олар арасында 66 кг салмақта жарысқа қатнасқан қарақалпақстанлы боксши Айсәнем Сарўарова финалда қазақастанлы Ақнар Ишановаға жеңилип, Азия чемпионатының гүмис медалы менен сыйлықланыўға миясар болды.

Жас боксшимизди бул жарысқа тренер Батыр Бауетдинов таярлады.

Чемпионат соңында Өзбекстан сайланды командасы 4 алтын, 6 гүмис ҳәм 10 қола медалын ийелеп, улыўма командалық есапта Қазақстан ҳәм Ҳиндстан сайланды командаларынан соң 3-орынға ылайық деп табылды.

 Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги