Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалында  «Бабаларымыздың бай мийрасы ҳәм миллий қәдириятларға тийкарланған күшли мәнаўиятқа тийкарланамыз!» сүрени астында «Өзбекстан – улыўма үйимиз» атамасында дослық фестивалы болып өтти.

Илажды филиал директоры, профессор Б.Еримбетов кирис сөз бенен ашып берди.

Илажда Халық депутатлары Нөкис қалалық Кеңесиниң депутаты Қ.Қалқоразов, қалалық руўхыйлық-ағартыўшылық орайының баслығы Қ.Нуратдинов, Аллаҳберди Азиз жомъе мешитиниң имам найыбы И.Копабаев ҳәм устаз нураный Б.Султановлар мәмлекетимизде тыныш-татыў, аўызбиршиликте жасап атырған 130 дан аслам түрли миллет ўәкиллериниң тили, миллети, дини, рассасына қарамастан тең ҳуқықлы екенлигин атап өтип, олардың елимиздиң раўажланыўы ушын қосып атырған үлеси туўралы мағлыўматлар берип өтти.

Фестивальда түркмен, орыс, өзбек, қазақ, корейс ҳәм украин миллий мәдений орайларының ағзалары, филиалдың профессор-оқытыўшылары ҳәм студент-жаслары тәрепинен түрли миллет ўәкиллериниң миллий көргизбелери шөлкемлестирилди.

Ҳәр қыйлы миллет ўәкиллерин бир жерге жәмлестирген мәдений илаж қарақалпақ эстрада жулдызлары ҳәм филиал студентлери тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Фестивальдың жоқары дәрежеде шөлкемлескенлик пенен өтиўинде үлес қосқан миллий мәдений орайы ағзаларына филиал мийнет жәмәәти атынан миннетдаршылық хатлары тапсырылды.                                                                              

Қарақалпақстан хабар агентлиги