Қараөзек районындағы «Ҳәсиретли ана» естелиги майданына «9-май–Еслеў ҳәм қәдирлеў күни» ҳәм Екинши жер жүзилик урыста ерисилген жеңистиң 79 жыллығы мүнәсибети менен байрам илажы болып өтти.

Оған район басшылары ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасып, естеликке гүлшеңберлерин қойды.

Онда район ҳәкими У. Утамбетов ҳәм басқалар халқымызды байрам менен қутлықлап, ҳәзиргидей абадан турмыста жасаўымызға тийкар жаратқан,  урыс майданларынан қайтпаған, усы тыныш заман күнлерге жетип келе алмаған әзиз инсанларды еслеп, олардың руўхларына дуўалар оқыды.

Сондай-ақ,  шығып сөйлеўшилер тәрепинен елимизде соңғы жыллары урыс жылларында тылда хызмет еткен нуранийларға ғамқорлық көрсетиў, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға айрықша итибар қаратылып атырғанлығын атап өтти.

Бир қатар нуранийлар тәрепинен урыс дәўириндеги ата-бабаларымыздың халық азатлығы жолында ислеген ийгиликли ислери, жаўынгерлеримиздиң саўаш майданларында көрсеткен ерликлери ҳаққында жасларға мағлыўматлар берилди.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги