Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, “Жаслар-келешегимиз” фонды Қарақалпақстан Республикасы филиалы, Нөкис қаласы ҳәкимлиги тәрепинен жас исбилермен Ш.Ниязымбетов пенен биргеликте жасларды исбилерменликке оқытыў, билим ҳәм көнликпелерин арттырыў мақсетинде “Бизнес клуб” шөлкемлестирилди.

Бул бизнес клубта 2023-жылы 1-февраль күни кастинг шөлкемлестирилди ҳәм исбилерменликке қызығыўшы 100 ден аслам жаслар өзлериниң идеясы менен қатнасып, олар арасынан ең белсенди, шаққан 30 жас сайлап алынды.

“Бизнес клуб” жәми 24 саатлық оқыўдан ибарат болып, онда 16 теориялық ҳәм 8 әмелий сабақлар өтиледи. Қатнасыўшылар тек ғана теориялық билим емес, ал әмелий билимлерге де ийе болады.

Быйылғы жылдың 5-февраль сәнесинен баслап “Бизнес клуб”тың дәслепки сабақлары басланды. Усы күнге шекем тәжирийбели бизнес тренерлер Марат Көмеков, Азамат Кайпанов, Ислам Примбетов ҳәм Мухаббат Жолшимовалар өзлериниң тараўлары бойынша әжайып ҳәм қызықлы болған бир неше семинар-тренинглерин  өтти.

“Бизнес клуб” қатнасыўшыларына әмелий билим бериў мақсетинде, усы күнге шекем бир қанша кәрханаларға бизнес саяхат шөлкемлестирилди. Атап айтқанда,“SAMSUNG NUKUS” кәрханасы, “ PANAMILK” сүт өнимлерин қайта ислеў кәрханасы ҳәм “VKUSNO BY SEVA” кулинария студиясына барып олардың жумыслары менен жақыннан танысып қайтты.

Ҳәзирги ўақытта көплеген жасларды жәмлеген усы клубтың жумыслары қызғын даўам етпекте.

                                                                                                                               А.Оразбаева,

                                            ҚМУ журналистика тәлим бағдарының 1- курс студенти.

                                                                              Қарақалпақстан хабар агентлиги