Өзбекстанныӊ регионаллық ҳәм глобаллық әҳмийетке ийе әҳмийетли мәселелерди шешиў бағдарындағы ис-ҳәрекетлери ҳәм мәмлекетимиз басшысы тәрепинен халықаралық майданда алға қойылған басламалар БМШ тәрепинен толық қоллап-қуўатланбақта.

Бул болса усы абырайлы структура менен қатнасықлар избе-излик пенен әмелге асырылып атырғанын аӊлатады.

Өзбекстан Сенаты Баслығы Танзила Норбоева ҳәм БМШтыӊ Өзбекстандағы турақлы координаторыныӊ ўазыйпасын атқарыўшысы Консуэло Видал Брюс ушырасыўында усы тәреплерге итибар қаратылды.

Тәреплер Өзбекстан Республикасыныӊ БМШ ҳәм оныӊ қәнигелескен уйымлары менен бирге ислесиўиниӊ ҳәзирги жағдайы ҳәм перспективаларын додалады.

Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиў, гендер теӊлигин тәмийинлеў, жасларды қоллап-қуўатлаў, сондай-ақ, экологиялық машқалалар, соныӊ ишинде, Арал апатшылығы ақыбетлерин жумсартыў мәселелери дыққат орайында болды.

К.Брюс ханым Өзбекстанда әмелге асырылып атырған социаллық-экономикалық реформаларды жоқары баҳалап, мәмлекетимиздиӊ БМШ пенен бирге ислесиўи жаӊа басқышқа көтерилип атырғанын атап өтти.

Дослық ҳәм конструктивлик руўхта өткен ушырасыў жуўмағында системалы байланысты даўам етиў, турақлы раўажланыў, инсан ҳуқықларын қорғаў ҳәм хошаметлеў, улыўма, бирге ислесиўди беккемлеўге қаратылған жойбарларды даўам еттириўге келисип алынды.

Н.Абдураимова, ӨзА