10-ноябрь күни «Көксарай» резиденциясында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев мирәт етиўине бола мәмлекетимизде рәсмий сапар менен болып турған Италия Республикасы Президенти Сержо Маттарелланы рәсмий күтип алыў мәресими болып өтти.

Резиденция алдындағы майданда ҳүрметли қараўыл сап тартты.

Италия Президенти ҳәм оның қызы – мәмлекеттиң биринши ледисин Өзбекстан Президенти ҳәм өмирлик жолдасы қызғын күтип алды.

Әскерий оркестр еки мәмлекет гимнлерин атқарды.

Мәмлекет басшылары ҳүрметли қараўыл қатары алдынан өтип, рәсмий делегациялардың ағзаларын қутлықлады.

Буннан кейин Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Италия Республикасы Президенти Сержо Маттарелла «Көксарай» резиденциясында еки тәреплеме сөйлесиў өткерди.

Ушырасыў алдынан мәмлекетимиз басшысы жоқары мәртебели мийманды қызғын қутлықлап, Италия Президентиниң бул сапары еки тәреплеме қатнасықлар раўажланыўында әҳмийетли ўақыя екенин атап өтти.

Сержо Маттарелла Өзбекстан жетекшисине мирәти ҳәм Италия делегациясына көрсетилип атырған миймандослық ушын қызғын миннетдаршылық билдирди.

Италия Президенти Жаңа Өзбекстанда әмелге асырылып атырған артқа қайтпайтуғын реформаларды исенимли қоллап-қуўатлайтуғынын айрықша атап өтти ҳәм мәмлекетимиздиң Орайлық Азияда турақлылықты тәмийинлеў ҳәм интеграцияласыўын күшейтиў бағдарындағы ҳәрекетлерди жоқары баҳалады.

Еки тәреплеме стратегиялық шерикликти ҳәм тийкарғы бағдарлардағы көп қырлы қатнасықларды буннан былай да кеңейтиў мәселелери додаланды.

Өзбекстан Президенти усы жылы июнь айында Италияға әмелге асырған рәсмий сапары даўамында ерисилген келисимлерди әмелге асырыўға айрықша итибар қаратылды.

Мәмлекет басшылары парламентлер ҳәм сыртқы сиясий уйымлар арасындағы жедел сөйлесиўлерди даўам еттириў әҳмийетли екенин айтты.

Келеси жылы сыртқы сиясий уйымлар басшылары дәрежесиндеги Стратегиялық сөйлесиўдиң биринши мәжилисин өткериўге келисип алынды.

«Орайлық Азия – Италия» сөйлесиўи шеңберинде де жедел байланыслар даўам еттириледи.

Экономикалық бирге ислесиў тараўында усы жылдың басынан өз-ара товар алмасыў 30 процентке артты. Қоспа жойбарлар портфели 9 миллиард евроны қурады.

Саўда қатнасықларын буннан былай да раўажландырыў мақсетинде Саўдаға жәрдемлесиў комплексли бағдарламасын ислеп шығыў усыныс етилди.

Италияның жетекши компаниялары менен металлургия, энергетика, электротехника, аўыл хожалығы ҳәм басқа да тармақларда табыслы кооперация исленип атырғаны атап өтилди.

Мәмлекетимиз миллий экономиканы модернизациялаў жойбарларында Италияның алдынғы ҳәм жоқары технологиялы компанияларды тартыўдан мәпдар екенин билдирди.

Тәреплер Ташкент қаласында санаат кооперациясын тереңлестириўге хызмет ететуғын «Конфиндусрия Өзбекстан» санаатшылар аўқамының ашылғанын қоллап-қуўатлайды.

Ҳүкиметлераралық топар шеңберинде локализациялаўдың жаңа бағдарлары ҳәм жойбарлары бойынша усыныслар таярлаўға келисип алынды.

Италия Өзбекстанның Жәҳән саўда шөлкемине тез пурсатта кириўин ҳәм Европа Аўқамы менен кеңейтилген шериклик ҳаққындағы келисимниң қабыл етилиўин қоллап-қуўатлаўға таяр екени билдирилди.

Еки мәмлекет аймақлары арасындағы тиккелей байланысларды хошаметлеў әҳмийетли екени атап өтилди. Усы мүнәсибет пенен Өзбекстан ҳәм Италия аймақлар форумын шөлкемлестириў ҳәм оның дәслепки ушырасыўын келеси жылы Самарқандта өткериў усыныс етилди.

Буннан тысқары, мәдений-гуманитарлық бирге ислесиўди раўажландырыў перспективалары додаланды.

Ташкенттеги Турин политехника университети филиалының жумысы бул бағдардағы табыслы шерикликке мысал екени атап өтилди.

Бул жетекши жоқары билимлендириў орны негизинде Италияның алдынғы технологиялары трансфери орайы шөлкемлестириледи.

Өзбекстанда итальян тилин үйрениўге қызығыўшылық өсип атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Мектеплеримизде итальян тили муғаллимлерин таярлаў ҳәм мектеплеримизде оны оқытыўды басқышпа-басқыш енгизиў әҳмийетли екени ҳаққында бирдей пикир билдирилди.

Сондай-ақ, Италияда биргеликте сүўретлеў көркем өнер көргизбелерин өткериў режелери додаланды.

Халықларымыз бир-бириниң бай ҳәм бийтәкирар  мәдений-тарийхый мийрасы менен танысыў ушын мәмлектелеримизде Өзбекстан ҳәм Италия мәденият, кино ҳәм туризм күнлери өткериледи.

Самарқанд археология институты ҳәм Балонья және Неаполь университетлериниң биргеликтеги топары тәрепинен алып барылып атырған археология излениўлери жоқары баҳаланды.

Мәмлекет басшылары академиялық алмасыўларды кеңейтиў ҳәм биргеликтеги Билимлендириў форумын өткериў зәрүр екенин айрықша атап өтти.

Халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе актуал мәселелер, қәўипсизликке улыўма қәўи-қәтерлерге қарсы гүресиўдеги бирге ислесиўди даўам еттириў бойынша да пикир алысты.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Италия Республикасы Президенти Сержо Маттарелланың сөйлесиўлери жуўмағында еки мәмлекет арасындағы стратегиялық шериклик ҳәм көп қырлы бирге ислесиў қатнасықларын буннан былай да раўажландырыўға қаратылған Биргеликтеги билдириў қабыл етилди.

Мәмлекет басшылары жанында Дипломатиялық паспорт ийелерин виза тәртип-қағыйдаларынан азат етиў ҳаққында Ҳүкиметлераралық келисим ҳәм билимлендириў, илим, технология ҳәм инновациялар, спорт тараўында бирге ислесиў ҳаққында келисимлерге қол қойылды.

Өзбекстан – Италия саммитиниң бағдарламасы шеңберинде Президент Шавкат Мирзиёев ҳәм Президент Сержо Маттарелла терек егиў мәресиминде қатнасты.

«Көксарай» резиденциясындағы Ҳүрметли мийманлар қыябанында мәмлекет басшылары биргеликте шырша екти. Бул халықларымыз арасындағы дәстүрий дослық қатнасықлары беккемленип, Өзбекстан ҳәм Италияның көп қырлы бирге ислесиўи ҳәм стратегиялық шериклиги кеңейип атырғанының тымсалы болады.

Италия Республикасы Президенти Сержо Маттарелла Өзбекстан Бас министри Абдулла Ариповтың басшылығында «Жаңа Өзбекстан» паркине барды.

Бул жерде жоқары мәртебели мийман Ғәрезсизлик монументине гүл қойды.

Үш мың жылдан аслам дәўир – ана Ўатанымыз аймағындағы миллий мәмлекетшилик тарийхының тамырлары соншелли терең. Монуметке итибар қаратқан инсан мине усы мақтанышлы өтмиштиң көркем көринисине гүўа болады. Мийманға комплексте сәўлелендирилген, мине, усы тарийх, оның мазмуны ҳаққында айтып берилди.

Жоқары мәртебели мийманлар, рәсмий сырт ел делегацияларының мәмлекетимизге сапары шеңберинде бул жердеги монументке гүл қойыў дәстүрге айланған.

Делегация ағзалары комплексте сәўлеленлирилген алымлар, уллы сәркарда ҳәм жаўынгерлер, жәдид бабаларымыздың тулғаларына айрықша итибар қаратты. Тынышлық, еркинлик, жақсылық тымсалы болған Қумай қусы сүўрети комплекстиң мисли гүлтажындай көриниси сәўлелендирилди.

Жоқары мәртебели мийман Ташкент қаласындағы Турин политехника университетиниң жумысы менен де танысты.

Бул жоқары билимлендириў мәкемеси Италияның Турин политехника университети менен биргеликтеги шөлкемлестирилигенине он төрт жыл болмақта. Мәкемеде өткен дәўирде автомобиль қурылысы, энергетика санааты, архитектура санааты, архитектура сыяқлы тараўларға көплеген маман кадрлар таярланды.

Билимлендириў системасындағы бундай жетискенликлер атап өтилиўиниң тийкарғы факторларынан бири Өзбекстан ҳәм Италия оқыў бағдарламалары арасындағы сәйкессизлик үнлестирилгени болып есапланады. Сондай-ақ, билимлендириў процесине заманагөй методлар енгизилгенинде деп айтыў мүмкин.

Италия Республикасы Президенти Сержо Маттареллаға кейинги жылларда мәмлекетимиз билимлендириў системасында әмелге асырылып атырған реформалар, ерисилип атырған нәтийжелер ҳаққында мағлыўмат берилди.

Ҳәзирги ўақытта бул жерде 2 мыңнан аслам жаслар билим алмақта. Питкериўшилер бир ўақыттың өзинде еки – Италиянық Турин политехника университети ҳәм Ташкент қаласындағы Турин политехника университети дипломына ийе болады.

Усы орында Италияның Турин политехника университети ҳаққында қысқаша мағлыўмат келтирип өтемиз. Бул билимлендириў мәкемеси 1859-жыл дүзилген. Ол Европаның ең алдынғы техника университетлеринен бири болып есапланады. Билимлендириў процеси илимий ҳәм әмелий изертлеў менен жедел түрде бирге алып барылыўы менен ажыралып турады. Ол он сегиз факультет ҳәм көплеген ири автомобиль ҳәм басқа да кәрханалар ушын тийкарғы илимий-изертлеў орайы болған лабораторияларды өз ишине алады.

Пайтахтымыздағы Турин политехника университети мине усындай тарийхый раўажланыў басқышларына ийе мәкеме менен турақлы бирге ислеседи.

Өзбекстанда халықаралық тән алынған, заманагөй талапларға сәйкес келетуғын билимлендириў орнының ашылғаны көплеген жасларымыздың тийисли тараўларда өз имканиятларын жүзеге шығарыўда айрықша әҳмийетке ийе.

Бүгинги күнде бул университетти раўажландырыў бойынша тийисли стратегия ислеп шығылған. Ол бойынша келешекте жаңа билимлендириў бағдарларын ашыў, студентлерди қабыллаўды көбейтиў режелестирилген. Автомобиль қурылысы, қурылыс ҳәм энергетика санаатында заманагөй билим ҳәм көнликпелерге ийе маман кадрларды таярлаў мақсетинде дүнья жүзиниң жетекши жоқары билимлендириў мәкемелери менен биргеликте қосымша факультетлер шөлкемлестириледи.

Билимлендириў системасында алып барылып атырған реформаларды жаңа басқышқа алып шығыў ҳәр қашанғыдан да әҳмийетлилиги ҳаққында пикирлер билдирилди.

Жоқары мәртебели мийман сол күни сапар бағдарламасы шеңберинде Самарқанд қаласына келди.

Италия Республикасы Президенти Сержо Маттарелланың мәмлекетимизге рәсмий сапары даўам етпекте.

Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,

Икром АВВАЛБОЕВ,

ӨзАның хабаршылары