Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Италия Республикасы Президенти Сержо Маттарелла “Көксарай” резиденциясында еки тәреплеме сойлесиўлер өткерди.

Ушырасыў алдынан мәмлекетимиз басшысы жоқары мәртебели мийманды шын жүректен қутлықлап, Италия Президентиниӊ бул сапары еки тәреплеме қатнасықлардыӊ раўажланыўында әҳмийетли ўақыя екенлигин атап өтти.

Сержо Маттарелла Өзбекстан жетекшисине мирәти ҳәм Италия делегациясына көрсетилип атырған миймандослық ушын шын кеўилден миннетдаршалық билдирди.

Италия Президенти Жаӊа Өзбекстанда әмелге асырылап атырған изге қайтпайтуғын реформаларды қатаӊ қоллап-қуўатлаўын айрықша атап өтти ҳәм мәмлекетимиздиӊ Орайлық Азияда турақлылықты тәмийинлеў ҳәи интеграцияласыўды күшейтиў бойынша ҳәрекетлерин жоқары баҳалады.

Еки тәреплеме стратегиялық шерикликти ҳәм үсти бағдарлардағы көп тәреплемели қатнасықларды және де кеӊейтиў мәселелери додаланды.

Өзбекстан Президенти усы жылдыӊ июнь айында Италияға әмелге асырған рәсмий сапары даўамында ерисилген келисимлерди әмелге асырыўға айрықша итибар қаратылды.

Мәмлекет басшылары парламентлер ҳәм сыртқы сиясий уйымлардыӊ арасындағы белсенди қатнасықларды даўам еттириў әҳмийетли екенин айтды.

Келеси жылы сыртқы сиясий уйымлардыӊ басышылары дәрежесиндеги Стратегиялық сойлесиўдиӊ биринши жыйналысын өткериўге келисип алынды.

“Орайлық Азия – Италия” сойлесиўи шеӊберинде де белсене байланыслар даўам еттириледи.

Экономикалық бирге ислесиў тараўында өткен жылы өзара товар алмасыў 30 процентке артты. Қоспа жойбарлар портфели 9 миллиард евроны қурады.

Саўда қатнасықларын және де раўажландырыў мақсетинде Саўдаға жәрдемлесиў комплекс бағдарламасын ислеп шығыў усыныс етилди.

Италияныӊ жетекши компаниялары менен металлургия, энергетика, электротехника, аўыл хожалығы ҳәм басқа тармақларда табыслы кооперация етилип атырғаны атап өтилди.

Мәмлекетимиз миллий экономиканы модернизациялаў жойбарларында Италияныӊ алдынғы ҳәм жоқары технологиялық компанияларды тартыўдан мәпдар екенин билдирди.

Тәреплер Ташкент қаласында санаат кооперациясын тереӊлестириўге хызмет ететуғын “Конфиндустрия Өзбекстан” санаатшылар аўқамы ашылғанлығын алғыслады.

Ҳүкиметлераралық топар шеӊберинде локализациялаўдыӊ жаӊа бағдарлары ҳәм жойбарлары бойынша усыныслар таярлаўға келисип алынды.

Италия Өзбекстанныӊ Жәҳән саўда шөлкемине тез ўақытта кириўин ҳәм  Европа Аўқамы менен кеӊейтилген шериклик ҳаққындағы келисимниӊ қабылланғанын қоллап-қуўатлаўға таяр екенлиги билдирилди.

Еки мәмлекет аймақлары арасындағы тиккелей байланысларды хошаметлеўдиӊ әҳмийетлилиги атап өтилди. Усы мүнәсибет пенен Өзбекстан ҳәм Италия аймақлары форумын шөлкемлестириў ҳәм оныӊ дәслепки ушырасыўын келеси жылы Самарқандта өткериў усыныс етилди.

Буннан тысқары, мәдений-гуманитар бирге ислесиўди раўажландырыў преспективалары ҳәр тәреплеме додаланды.

Ташкенттеги Турин политехника университети филиалыныӊ жумысы бул бойынша жетискенликли шерикликке мысал екени атап өтилди.

Бул жетекши жоқары билимлендириў орны тийкарында Италияныӊ алдынғы технологияларыныӊ трансфери орайы шөлкемлестириледи.

Өзбекстанда итальян тилин үйрениўге қызығыўшылық өсип баратырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Мектеплеримизде итальян тили оқытыўшыларын таярлаў ҳәм мектеплеримизде оны оқытыўды басқышпа-басқыш енгизиўдиӊ әҳмийетлилиги ҳаққында теӊ көзқарастағы пикир билдирилди.

Сондай-ақ, Италияда қоспа сүўретлеў көркем өнери көргизбелерин өткериў режелери додаланды.

Халықларымыздыӊ бир-бириниӊ бай ҳәм тәкирарланбас мәдений-тарийхый мийрасы менен танысыўы ушын мәмлекетлеримизде Өзбекстан ҳәм Италия мәденият, кино ҳәм туризм күнлери өткериледи.

Самарқанд археология институты ҳәм Болонья ҳәм Неаполь университетлериниӊ биргеликтеги топары тәрепинен алып барылып атырған археологиялық изленислери жоқары баҳаланды.

Мәмлекет басшылары академиялық алмасыўларды кеӊейтиў ҳәм қоспа Билимлендириў форумын өткериў зәрүрлигин айрықша атап өтти.

Халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе әҳмийетли мәселелер, қәўипсизликке улыўмалық қәўип ҳәм қәтерлерге қарсы гүресиўдеги бирге ислесиўди даўам етиў бойынша да пикир алысты.

ӨзА