10-ноябрь күни Көксарай резиденциясында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиеёвтиң мирәтина бола мәмлекетимизде рәсмий сапар менен болып турған Италия Республикасы Президенти Сержо Матарелланы рәсмий күтип алыў мәресими болып өтти.

Резиденция алдындағы майданда ҳүрметли қараўыл сап тартты.

Италия Президенти ҳәм оның қызы – мәмлекеттиң биринши ледисин Өзбекстан Президенти ҳәм өмирлик жолдасы қызғын күтип алды.

Әскерий оркестр еки мәмлекет гимнлерин атқарды.

Мәмлекет басшылары ҳүрметли қараўыл қатары алдынан өтип, рәсмий делегациялардың ағзаларын қутлықлады.

Биргеликте сүўретке түсиўден кейин жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер басланды.



















 

ӨзА