Президент Шавкат Мирзиёев басшылығында 9-ноябрь күни пахта-тоқымашылық кластерлериниң жумысын жетилистириў, аўыл хожалығы тармақларын қоллап-қуўатлаў ҳәм өнимдарлықты арттырыў илажларын додалаў бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.

Дүнья жүзиндеги бүгинги қарама-қарсылықлар, саўдадағы шеклеўлер экономикада өз көринисин таппай қалмайды. Соның ишинде, бул факторлар азық-аўқат ҳәм тоқымашылық экспортына унамсыз тәсир етти. Бундай жағдайда ең дурыс жол – аўыл хожалығында өнимдарлықты кескин арттырыў есабынан өзине түсер баҳаны кемейтиў, терең қайта ислеўге ҳәм қосымша қун жаратыўға көбирек инвестиция тартып, экспортты көбейтиў болып есапланады.

Сол себепли мәжилисте аўыл хожалығын жаңаша көзқараслар, шөлкемлестириўшилик ҳәм финанслық қураллар арқалы қоллап-қуўатлаў илажлары додаланды. Мәмлекетимиз басшысы ҳәр бир тармаққа айрықша тоқтап, жаңа усыныс ҳәм басламаларды айтты.

Таллаўларға бола, усы жылы 41 пахта-тоқымашылық кластеринде өнимдарлық 40 центнерден артқан болса, 9 ында 30 центнерден аз болған. Өнимдарлық төмен екени ҳәм өзине түсер баҳаны жоқары екени ақыбетинде Жиззақ, Қашқадәрья, Наманган, Самарқанд ҳәм Ташкент ўәлаятларында рентабельлик 10-11-проценттен артпаған.

Шараят ҳәм изленис болса, жақсы тәжирийбелер де бар. Мәселен, Наўайы ўәлаятында «Нәўбәҳәр» кластери сырт елден алып келген жаңа пахта сорты орташа 70 центнерден аслам өним берип атыр. Оның өзине түсер баҳасы, деп айтайық, Жиззақтағыға салыстырғанда еки есе арзанға айланып атыр.

Сол себепли пахта туқымгершилиги бойынша жаңа көзқараслар көрсетип өтилди. Оған бола, келеси жылы ҳәр бир ўәлаяттағы балл бонитети төмен, суўғарыў қыйын болған ҳәм өнимдарлығы 30 центнерден артпайтуғын 1 ден районда 70-80 центнерден жоқары өним беретуғын пахта туқымын сырттан алып келиўге рухсат етиледи. Сондай-ақ, 30 центнерден төмен өним берип атырған сортларды егиў тоқтатылып, туқымгершилик институтлары тәрепинен ислеп шығылған жаңа өнимдарлы сортлар менен алмастырылады.

Бул тараўдағы және бир әҳмийетли мәселе – айырым кластер ҳәм фермерлер арасында есап-санақ тәртиби бузылған. 122 кластердиң Аўыл хожалығы қоры ҳәм фермерлер алдында қарыздарлығы бар. 6 кластердиң өндирис қуўатлылығы жоқ болса да, оларға жеңиллетилген кредит берилген.

Соннан келип шығып, кластерлерди шөлкемлестириў, олар менен фермерлер арасындағы қатнасықлар бойынша жаңа система енгизилетуғыны белгиленди.

Енди жаңа кластерлерге финанслық көрсеткишлери, өндирис қуўатлылықлары ҳәм техника тәмийнаты бойынша талаплар қойылады ҳәм ашықтан-ашық таңлаў арқалы таңланады. Оларда кеминде еки басқышлы қайта ислеў болыўы шәрт.

Фермерлер бир ўәлаят ишиндеги қәлеген кластери менен фьючерс шәртнамасы дүзиўи мүмкин болады. Олар фьючерс шәртнамасынан артқан өнимди биржа арқалы сатыўына да имканият жаратылады.

Сондай-ақ, келеси жылғы өним ушын пахта жетистириўге 60 процент аванс көринисиндеги жеңиллетилген кредитлер тиккелей фермерлерге ажыратылады.

Кластерлер болса жетистирилген пахтаны сатып алыў ҳәм терим ушын қаржы бериў арқалы қаржыландырылады. Терең қайта ислеўге де айрықша қаржылар ажыратылады.

Жуўапкерлерге кластер ҳәм фермер хожалықларын қаржыландырыўдың жаңа тәртибин жолға қойыў, олар арасындағы дебиторлық-кредиторлық қарыздарлықты шешиў бойынша тапсырмалар берилди. Кластерлерди халықаралық финанс стандартларына өткериў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Быйылғы пахта өнимин толық қайта ислеў нәтийжесинде 2024-жылы санаат өнимлерин ислеп шығарыўды 9,6 миллиард долларға жеткериў, экспортты болса 4,5 миллиард долларға жеткериў есап-санақ етилген.

Атап айтқанда, Ташкент ўәлаятының Жоқары Шыршық районында гезлеме ислеп шығарыў ҳәм бояў цехын шөлкемлестириў бойынша 350 миллион доллар муғдарында, Қарақалпақстанда жасалма талшық, гезлеме-таўар ҳәм бояўға қәнигелескен 60 миллион доллар муғдарында жойбарлар басланған. Бул кәрханалар келеси жылы иске қосылып, исбилерменлерге санаат ипотекасы тийкарында бериледи. Оларда 1,5 миллиард доллар муғдарында экспорт имканияты жаратылады.

Бул тармақтың раўажланыўын қоллап-қуўатлаў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары қабыл етилди. Оған бола, гезлеме-таўар, бояў ҳәм тигиўшилик бойынша жаңа қоллап-қуўатлаў системасы жолға қойылады. Соның ишинде:

– боялған таўарды 50 процентте кем болмаған бөлегин ишки базарға сатқан кәрханалар социаллық салықты 1 процентлик ставкада төлейди;

– оларға мүлк салығын 3 жыл даўамында бөлип-бөлип төлеўге рухсат бериледи;

– 2025-жыл 1-январьға шекем пахта ҳәм жасалма талшықты импорт етиўде транспорт қәрежетлериниң 50 проценти қаплап бериледи;

– тоқымашылық ҳәм тигиў-трикотаж кәрханалары ушын зәрүр технологиялық үскенелер және олардың аўысық бөлеклерин импорт етиўде олар бажыхана бажысынан азат етиледи.

Президентимиз бундай имканиятлардан пайдаланып, жойбарларды көбейтиў, инфраструктура қәрежетлериниң ярымын қаплап бериў әҳмийетли екенин атап өтти.

Бағшылықта 16 мың гектар бағ ҳәм 10 мың гектар жүзимзардың өнимдарлығының төмен екени атап өтилди. Бул оларда гектарынан кеминде 3-5 мың доллардан, жылына орташа  100 миллион доллар дәрамат жоғалып атыр, деген сөз.

Сол себепли, енди ҳәр бир районда ҳәким басшылығында аўыл хожалығы, салық ҳәм статистика хызметкерлеринен ибарат жумысшы топар дүзилип, бағ ҳәм жүзимзарлар жылына кеминде бир рет хатлаўдан өткериледи. Олар нәтийжесиз деп табылса, жер салығынан берилген жеңиллик бийкар етиледи ҳәм салық толық өндирип алынады. Келеси жылдан баслап, бағ ҳәм жүзимзарларға өнимдарлығы ҳәм түсимине қарап, дифференциалласқан жер салығының ставкалары енгизиледи.

Сондай-ақ, бағлардың қатар араларында ҳәм қыйтақ жерлерде азық-аўқат өнимлерин жетистириў ўазыйпаларына да тоқтап өтилди.

Бүгинги күнде қусшылықта жылына 690 мың тонна гөш ҳәм 8,7 миллиард дана мәйек жетистириледи. Кейинги айларда бул өнимлердиң өзине түсер баҳасы сезилерли артты. От-жем машқаласы өзине түсер баҳасын төменлетиў имканиятын бермей атыр. Соның ушын 8 ири дән қоймаханасының шөлкемлестирилетуғыны айтылды.

Және бир әҳмийетли мәселе – бизде биринши тәртипли қус нәсилиниң ата-аналық линиясы жоқ, сол себепли жылына 3 миллион бас шөже импорт етилмекте. Бул нәсил өзимизде болса, ислеп шығарыўды 3 есеге арттырыў, гөштиң өзине түсер баҳасын 10 процентке азайтыў мүмкин. Ең әҳмийетлиси, жылына 50 миллион доллар муғдарында инкубациялық мәйек ҳәм нәсилли шөжелер экспорт етиў имканияты пайда болады. Бул бағдарда АҚШ компаниялары менен келисимге ерисиў ўазыйпасы қойылды.

25 районда шарўа кластерлерин шөлкемлестириў, сүт жетистириўши ҳәм қайта ислеўши кәрханаларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў бойынша көрсетпелер берилди. Сондай-ақ, балық жетистириўди көбейтиў, Словения тәжирийбеси тийкарында ҳәўизлер қазыў мәселелери де айтып өтилди.

Мәжилисте аўыл хожалығы тармақларын қаржыландырыў мәселеси де талланды. Халықаралық финанс шөлкемлеринен тартылған қаржылар толық қаратылмай атырғаны көрсетип өтилди.

Неге десеңиз, бул қаржылары 20-25 жылға тартылған болса да, банклер тәрепинен исбилеременлерге 5-7 жылға ажыратылмақта. Кредит бериў ушын жойбарларды көрип шығыў мүддети бир жылға шекем созылмақта. Қаржылардан пайдаланыў бағдарларының шекленгени себепли исбилерменлерде қызығыўшылық аз.

Сол себепли бул ресурсларды банклер ушын да, исбилерменлер ушын да тартымлы шәртлерде ажыратыў керек екени атап өтилди. Аўыл хожалығы жойбарларына берилетуғын кредитлер мүддети 3 жыллық жеңиллетилген дәўир менен 15 жылға шекем созылатуғыны, олар 2 айға шекемги мүддетте көрип шығылатуғыны белгиленди.

Аўыл хожалығы министрлигине халықаралық финанс шөлкемлери, бюджет ҳәм банклер ажыратып атырған қаржылардың мақсетли умтылысы бойынша ишки аудит хызметин шөлкемлестириў тапсырылды.

Ири саўда тармақларында жергиликли ислеп шығарыўшыларға тең шараят жаратылмағаны, бул бәсеки ҳәм баҳаға тәсир етип атырғаны атап өтилди.

Мәжилисте бюджетке түсимлерди тәмийинлеў мәселесине де итибар қаратылды. Бул бағдарда айырым район ҳәм қалаларда изде қалыўшылыққа жол қойылып атырғаны, дәраматлар көлеми өндирис, экспорт ҳәм инвестицияларға сәйкес емес екени көрсетип өтилди.

Гүзги-қысқы мәўсимге айрықша таярлық көрилгени атап өтилип, аймақларға тәбийғый газ жеткерип бериў ҳәм есабын жүргизиў бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берилди.

ӨзА