9-ноябрь күни Ташкент қаласында «Бирге ислесиўде экономикалық турақлылық ҳәм раўажланыўға қарай» сүрени астында Экономикалық бирге ислесиў шөлкеминиң 16-саммити болып өтти.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында өткен илажда Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Алиев, Иран Ислам Республикасы Президенти Иброҳим Раисий, Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров, Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон, Түркия Республикасы Президенти Режеп Таййип Эрдоған, Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедов, Пакстан Ислам Республикасы Бас министри Анвар ул-Ҳақ Какар, Қазақстан Республикасы Бас министри Алихан Смаилов ҳәм ЭБШ бас хаткери Хусрав Нозирий қатнасты.

Күн тәртибине муўапық, ЭБШ шеңберинде көп тәреплеме бирге ислесиўдиң келешеги ҳәм жаңа басқышқа алып шығыў додаланды, халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе актуал мәселелер бойынша ҳәр тәреплеме пикир алысты.

Өзбекстан Президенти саммиттин ашып, усы әҳмийетли илажға қатнасып атырғаны ушын жоқары мәртебели мийманларға миннетдаршылық билдирди, бул ҳәр тәреплеме ҳәм өз-ара бирге ислесиўди кеңейтиўге болған улыўмалық умтылыслардың дәлили екенин атап өтти.

Шөлкем ағзаларын ортақ тарийх ҳәм муқаддес ислам динимиз, бай мәденият ҳәм уқсас қәдириятлар беккем байланыстырып турыўы атап өтилди.

Мәмлекетимиз басшысы айтқанындай, ярым миллиард халық жасайтуғын ЭБШ мәканы саўда-экономика, санаат, инвестиция ҳәм инновациялар, транспорт тараўларындағы байланысларды раўажландырыўда үлкен потенциалға ийе.

Кейинги жылларда шөлкем шеңбериндеги бирге ислесиў жедел раўажланып атырғаны, 2021-жылы Ашхабад саммитинде алға қойылған усыныс ҳәм басламалар избе-из әмелге асырылып атырғаны атап өтилди.

Соның ишинде, шөлкем жумысын реформалаў ҳәм жумыс нәтийжелилигин арттырыў, халықаралық майдандағы абырайын көтериў бойынша системалы жумыслар алып барылмақта. Жақында  транспорт министрлериниң Ташкент декларациясы қабыл етилди, аймақлық электр энергиясы базары ҳәм Баку қаласында Таза энергия орайы шөлкемлестирилмекте. Экология тараўында жоқары дәрежедеги байланыс  платформасы дүзилди, туроператорлар тармағы жаратылды ҳәм Қәўипсиз туризмди раўажландырыў бағдарламасы тастыйықланды.

Соның менен бирге, Өзбекстан Президенти ағза мәмлекетлер арасындағы ҳәр тәреплеме шерикликти кеңейтиў ушын еле иске қосылмаған үлкен тәжирийбе бар екенин атап өтти.  Мәселен, өткен жылы мәмлекетлеримиз арасындағы саўда көрсеткиши 85 миллиард долларды қурады, бул олардың улыўма сыртқы саўданың тек 8 проценти болып есапланады.

Жеңилликли саўда келисимин дүзиў бойынша көп жыллық урыныслар күтилген нәтийжени бермей атыр. Тосқынлықсыз саўданы қәлиплестириў жолында елеге шекем көплеген шеклеў ҳәм машқалалар сақланып қалмақта.

ЭБШ шеңбериндеги шерикликке жаңа пәт бағышлаў мақсетинде Өзбекстан Президенти «Экономикалық шерикликтиң стратегиялық мақсетлери – 2035» концептуал ҳүжжетин ислеп шығыўды усыныс етти.

Усы әҳмийетли ҳүжжетте өз ара саўданы хошаметлеў, транспорт-коммуникациялық байланысты күшейтиў, санаат кооперациясын активлестириў, энергетика қәўипсизлигин тәмийинлеў, климат өзгериўине қарсы гүресиў, туризм ҳәм мәдений-гуманитар тараўдағы шерикликти тереңлестириў сыяқлы тийкарғы бағдарларға итибар қаратыў керек.

Мәмлекетимиз басшысы товар ҳәм хызметлер саўдасын жеңиллестириў, техникалық ҳәм тариф емес тосқынлықларды сапластырыў, бажыхана фитосанитариялық ҳәм ветеринариялық тәртип-қағыйдаларын санластырыў, электрон саўданы раўажландырыўға өз алдына итибар қаратылған Саўданы әпиўайыластырыў ҳаққындағы келисимди қабыл етиўге шақырды. Дәслепки есап-санақларға бола, бул илажлар арқалы 2035-жылға барып өз ара саўда көлемлерин кеминде еки есеге көбейтиў мүмкин.

Ағза мәмлекетлердиң көпшлиги теңизге тиккелей шығыў имканиятына ийе емес екенин атап өтип, Өзбекстан Президенти трансконтиненталлық транспорт жоллары күшинен толық пайдаланыў, «Қытай – Қырғызстан – Өзбекстан» темир жолы ҳәм Трансаўған мультимодаль жолы жойбарларын иске қосыў зәрүр екенлигин көрсетип өтти.

Ташкентте 2-ноябрьде болып өткен транспорт министрлериниң жыйналысында «Өзбекстан – Түркменстан – Иран – Түркия» транспорт жолын раўажландырыў бойынша қабыл етилген ҳүжжетке басқа ағзаларды да қосыўға, өз ара тариф ҳәм жыйымларды мақуллаўға шақырды.

Жүк тасыў ҳаққындағы мағлыўматларды санластырыў ҳәм бундай заманагөй системаларын нәтийжели муўапықластырыў мақсетинде Ташкент қаласында Санлы транспорт ҳәм бажыхана офисин шөлкемлестириў басламасы билдирилди.

Өзбекстан басшысы өз-ара инвестициялар ағымын көбейтиў, оларды қорғаў ҳәм санаат кооперациясын тереңлестириў бойынша Биргеликте ҳәрекетлер бағдарламасын ислеп шығыў аймақлараралық санаат көргизбесин шөлкемлестирип, оның дәслепки илажын 2024-жылы мәмлекетимизде өткериў зәрүр екенлигин атап өтти.

Өзбекстан шөлкеминиң Саўда ҳәм раўажланыў банки менен шериклик байланысларын кеңейтиў тәрепдары екени де атап өтилди.

Энергетика қәўипсизлигин тәмийинлеў шеңберинде миллий энергетика стратегияларын  үйлестириў, аймақлараралық энергия ресурсларын узатыў тармақларын раўажландырыў, «жасыл» энергетика технологияларын кеңнен еңгизиўдиң әҳмийети артып атырғаны көрсетип өтилди. Системалы шерикликти жолға қойыў мақсетинде ЭБШ Энергетика министрлери кеңесин шөлкемлестириў усыныс етилди.

Климатқа байланыслы қәўип-қәтерлер артып атырғаны мүнәсибети менен Өзбекстан Президенти климат өзгериўине қарсы гүресиў ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бағдарындағы шерикликти күшейтиў зәрүрлигин атап өтти. 2024-жылы болажақ Самарқанд климат форумы шеңберинде Экология мәселелери бойынша жоқары дәрежели платформаның биринши конференциясын өткериў усыныс етилди.

Мәмлекетимиз басшысы шөлкемге ағза мәмлекетлер ўәкиллерин кейинги ҳәптеде мәмлекетимизде болатуғын Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Шөллениўге қарсы гүресиў конвенциясы орынланыўын көрип шығыў бойынша комитет жыйналысында белсенди қатнасыўға шақырды ҳәм қум-шаң боранларына қарсы гүресиў мақсетинде Самарқанд декларациясын қоллап-қуўатлаўға шақырды.

Туризм тараўында шериклик етиў ушын үлкен тәжирийбени ҳәм трансшегаралық бағдарлар барған сайын кеңнен ең жайып атырғанын есапқа алып, қоспа туристлик маршрутларды еңгизиў ҳәм «Жипек жолы» туристлик бренди тийкарында улыўма туристлик бағдарламаларын көбейтиў усыныс етилди.

Президентимиз ЭБШ Секретариаты жанындағы ағза мәмлекетлердиң туризм админстрациялары ҳәм жетекши экспертлеринен ибарат Туризм бойынша мәсләҳәт комитетин шөлкемлестириў ҳәм оның дәслепки ушырасыўын шөлкемниң туризм пайтахты деп аталған Шаҳрисабз қаласында өткериў усынысын билдирди.

ЭБШ мәмлекетлери халықларын және де жақынластырыўда мәдений-гуманитар шерикликти тереңлестириўдиң әҳмийетин атап өтип, Өзбекстан Президенти ҳәр жылы мәденият, көркем өнер ҳәм кино ҳәптеликлерин өткерип барыў, жаслардың дөретиўшилик фестиваллары ҳәм инновациялық шериклик платформасын жолға қойыў, фундаментал илимий бағдарларда өз ара шерикликти күшейтиўди усыныс етти.

Мәмлекетимиз басшысы өз сөзинде өткир халықаралық ҳәм аймақлық машқалаларға, сондай-ақ, Жақын Шығыс зҳәм Аўғанстандағы жағдайға да тоқтап өтти. Газа секторындағы әскерий ҳәрекетлерди тезлик пенен тоқтатыў, тынышлық пенен тоқтатыў, тынышлық өз ара келисимлерин баслаў ҳәм ақылға уғрас келисимге келиўге шақырды. Палестина халқы БМШ резолюциялары менен тастыйықланған өзиниң ғәрезсиз мәмлекетин қурыў ҳуқуқы бойынша қатаң позициясын және бир мәрте билдирди.

Өзбекстан Президенти аўған халқына гуманитар жәрдем көрсетиўди көбейтиўге, усы мәмлекеттеги өткир социаллық-экономикалық машқалаларды жәмәәтлик жуўапкершилик ҳәм мақул механизмлер тийкарында шешиўге шақырды. Атап өтилгениндей, усы мәмлекетти аймақлық интеграция процесслерине белсенди қосыў турақлылық раўажланыўымыздың ажыралмас ҳәм зәрүр шәрти болып табылады.

Саммитте Әзербайжан, Иран, Қырғызстан, Тәжикстан, Түркия, Түркменстан, Пәкистан, Қазақстан делегациялары басшылары ҳәм ЭБШ бас хаткери Хусрав Нозирий де сөзге шықты.

Күн тәртибине муўапық, Өзбекстан Президенти саммит баслығы сыпатында шөлкемниң илим нәтийжелер ушын сыйлығы жеңимпазларын жәриялады. Ҳәр бир мәмлекаттен бир ўәкил сыйлыққа еристи.

Илаж соңында Ташкент коммюникеси қабыл етилди.

Шөлкемге басшылық Иранға өтти, нәўбеттеги саммит Әзербайжанда өткерилиўи белгиленди.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Экономикалық шериклик шөлкеми саммити илажлары шеңберинде Иран Ислам Республикасы Президенти Иброҳим Раисий, Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон, Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедов, Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Алиев ҳәм Қазақстан Республикасы Бас министри Алихан Смаилов пенен ушырасыўлар өткерди.

Иран Республикасы Президенти Иброҳим Раисий менен ушырасыўда Өзбекстан – Иран мүнәсибетлерин және де беккемлеў, саўда, инвестициялар, инновациялар ҳәм транспорт тараўларында әмелий шерикликти кеңейтиў мәселелери талқыланды.

Өз ара сөйлесиўлер жақсы даўам етип атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Еки тәреплеме саўдада өсиў пәти сақланып қалмақта, экономиканың түрли тармақларында кооперация жойбарлары биргеликте әмелге асырылмақта.

Алдын жоқары дәрежеде ерисилген келисимлерди толық жүзеге шығарыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Санаат кооперациясы ҳәм аймақластырыў, аўыл хожалығы, логистикада өз ара мәпли шерикликти кеңейтиў ушын имканиятлар бар екенлиги атап өтилди.

Өзбекстан ҳәм Иран басшылары мәдений-гуманитар ҳәм илим тараўындағы алмасыныўларды раўажландырыў зәрүрлигин көрсетип өтти.

Сондай-ақ, аймақлық әҳмийтке ийе мәселелер, буннан тысқары, Аўғанстандағы бүгинги жағдай көрип шығылды.

Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон менен ушырасыўда еки мәмлекет арасындағы жақсы қоңсышылық, стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық байланысларды мүнәсибетлерди және де беккемлеў мәселелери талқыланды.

Өз ара саўданы көбейтиў, машина қурылысы, энергетика, электротехника, тоқымашылық ҳәм басқа тармақларда кооперация жойбарларын алға қойыў бойынша, соның ишинде, Ҳүкиметлераралық  комиссияның жумысы шеңберинде муўапықласқан жумысларды даўам еттириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Аймақларалық исбилерменлик байланысларды ҳәм мәдений-гуманитар алмасыўларды кеңейтиўге айрықша итибар қаратылды.

Өзбекстан ҳәм Тәжикстан жекетшилери болажақ илажлар режесин де көрип шықты.

Түркменстан Президенти Сердар Бердимухамедов сөйлесиў алдынан Өзбекстан жетекшисине Түркменстан Президенти Түркмен халқының миллий жетекшиси, Түркменстан Халық Мәсләҳәтиниң Баслығы Гурбангули Бердимуҳамедовтың сәлеми ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.

Еки тәреплеме қатнасықлардың әҳмийетли мәселелери ҳәм жоқары дәрежедеги келисимлердиң орынланыўы толық көрип шығылды.

Тәреплер Өзбекстан менен Түркменстан арасындағы көп қырлы бирге ислесиў ҳәм тереңлескен стратегиялық шериклик избе-из раўажланып, беккемленип атырғанын қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Саўда, санаат, энергетика, суў хожалығы, транспорт ҳәм басқа да тийкарғы бағдарларда әмелий бирге ислесиў кеңеймекте.

Аймақлараралық ҳәм мәдений-гуманитарлық байланыслар жедел. Усы жылы октябрь айында Түркменстан ҳәм Өзбекстан мәденият күнлери табыслы өткерилди.

Еки мәмлекет Президентлери регионаллық күн тәртиби ҳәм көп тәреплеме структуралар шеңбериндеги бирге ислесиў мәселелерин көрип шықты.

Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Алиев пенен ушырасыўда Өзбекстан – Әзербайжан дослық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын және де беккемлеў мәселелери көрип шығылды.

Турақлы өткерип келинип атырған жоқары дәрежедеги сөйлесиўлерде ерисилген келисимлердиң нәтийжелери үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Товар алмасыў көрсеткишлери өспекте, автомобиль, электротехника, тоқымашылық санаатында, энергетика тармағында, аўыл хожалығы, логистика ҳәм басқа да тийкарғы бағдарларда әҳмийетли кооперациялық жойбарлар әмелге асырылмақта.

Мәдений-гуманитарлық илажлар өткерип келинбекте.

Өзбекстан-Әзербайжан басшылары әмелий бирге ислесиў бағдарламасы ҳәм жойбарларын әмелге асырыў бағдарында биргеликтеги жумысларды жедел даўам еттириў зәрүр екенлигин атап өтти.

Қазақстан Республикасы Бас министри Алихан Смаилов ушырасыў алдынан Өзбекстан жетекшисине Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаевтың сәлеми ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткизди.

Мәмлекетимиз басшысы Өзбекстан менен Қазақстан ортасындағы стратегиялық шериклик ҳәм аўқамлық мүнәсибетлери избе-из раўажланып баратырғанын атап өтти.

Жоқары дәрежеде ерисилген, сондай-ақ, товар алмасыўды арттырыў санаат кооперациясы ҳәм логистика жойбарларын илгери сүриў бойынша келисимлердиң толық әмелге асырылыўына өз алдына итибар қаратылды.

Бул бойынша қоспа Ҳүкиметлераралық комиссияның нәтийжели жумысын даўам еттириў зәрүр екени атап өтилди.

ӨзА