Ҳүрметли делегациялардың басшылары!
Ҳүрметли Бас хаткер!
Конференция қатнасыўшылары!
Бәринен бурын, Экономикалық бирге ислесиў шөлкеминиң гезектеги саммитинде сизлер менен ушырасып турғанымнан оғада қуўанышлыман.
Өзбекстан жерине хош келипсиз!
Бүгинги жоқары дәрежедеги ушырасыўымыз бизиң улыўма раўажланыў жолында көп тәреплеме бирге ислесиўди кеңейтиўге болған исенимли умтылысымыздың айқын дәлийли болып табылады.
Бүги көз алдымызда дүнья жүзи сиясий архитектурасы түпкиликли өзгермекте ҳәм глобаллық қайта қурылыўы жүз бермекте.
Бул қурамалы процесслерде өзиниң үлкен орнына ийе болған Шөлкемимиз мәмлекетлери биргеликте аўызбиршиликли болып ҳәрекет етиўи, жүзеге келип атырған қәўип-қәтерлерге қарсы нәтийжели шешимлер табыў әҳмийетли болып есапланады.
«Бирге ислесиўде экономикалық турақлылық ҳәм раўажланыўға қарай» сүрени астында өтип атырған саммитимизде сиз, әзиз кәсиплеслерим менен көп тәреплеме байланысларымызды жаңа басқышқа алып шығыў ҳәм ең әҳмийетли мәселелер бойынша толық пикир алысамыз.
Бәршеңизге бүгинги илажымызда қатнасып атырғаныңыз ҳәм өз-ара пайдалы қатнасықларымыздың раўажланыўына қосып атырған үлкен үлесиңиз ушын айрықша миннетдаршылық билдиремен.
Пурсаттан пайдаланып, Әзербайжан Республикасы Президенти ҳүрметли Илҳам Гейдарович Алиевти Шөлкемимиздеги табыслы басшылығы менен қызғын қутлықлайман.
Әзербайжан басшылығы шеңберинде «Жасыл өтиў ҳәм өз-ара байланыслылық жылы»нда өткерилген бир қатар илаж ҳәм басламалар әмелий шериклигимизди кеңейтиўге салмақлы үлес қосты.
Келеси жылы Шөлкемимизге басшылық ететуғын Иран Ислам Республикасының регионаллық саўданы раўажландырыў арқалы бирге ислесиўди буннан былай да тереңлестириў бағдарындағы реже ҳәм мақсетлерди толық қоллап-қуўатлаймыз.
Ҳүрметли саммит қатнасыўшылары!
Буннан тап еки жыл алдын Ашхабад қаласында Шөлкемимиздиң он бесинши саммитин табыслы өткерген едик. Түркменстандағы мәжилисимизде қабыл етилген әҳмийетли қарарлар структурамыздың жумысына жаңа нәпес алып кирди.
Шөлкемди реформалаў ҳәм оның нәтийжелилигин арттырыў, халықаралық майдандағы абырайын арттырыў бойынша системалы жумыслар алып барылмақта. Атап айтқанда, транспорт министрлеримиз қабыл еткен Ташкент декларациясының жоқары әҳмийетин айрықша атап өтпекшимен.
Баку қаласында Таза энергия орайын шөлкемлестириў ҳәм регионаллық электр энергиясы базарын жаратыў мәселеси бойынша әмелий жумыслар исленбекте. Экология тараўында жоқары дәрежедеги сөйлесиў платформасы дүзилди. Туризм бирге ислесиўин буннан былай да кеңейтиў мақсетинде биринши рет Шөлкем туроператорлар тармағы жаратылды ҳәм ҳәм Қәўипсиз туризмди раўажландырыў бағдарламасы тастыйықланды.
Қәдирли делегациялардың басшылары!
Шөлкемимиз ағзаларын уқсас тарийх ҳәм муқаддес ислам динимиз, бай мәденият ҳәм уқсас қәдириятлар үнлес байланысып турады.
Ярым миллиард халық жасайтуғын кең регионымыз саўда-экономикалық, санаат, инвестиция ҳәм инновациялар, транспорт тараўларындағы байланысларды раўажландырыўда үлкен потенциалға ийе.
Таллаўларға бола, жәҳәндеги глобаллық кризиске қарамастан, бизиң экономикаларымыз турақлы өсиў пәтлерин көрсетпекте.
Кейинги жылларда Өзбекстанда артқа қайтпайтуғын реформалар жедел әмелге асырылып атырғанынан бәршеңиз жақсы хабардарсыз. Биз экономиканы либералластырыў, халқымыздың турмыс дәрежеси ҳәм абаданлығын және де арттырыўға тийкарғы итибарды қаратып атырмыз.
Жаңа Өзбекстанда кейинги алты жылды жалпы ишки өним көлеми бир ярым есеге көбейди. 2030-жылға шекем бул экономикалық көрсеткишти және еки есеге арттырыўды мөлшерлеп атырмыз. Оған, бәринен бурын, «жасыл» экономика ҳәм заманагөй инфраструктураны қурыў, жеке меншик секторды хошаметлеў ҳәм жаңа жумыс орынларын жаратыў, сырт ел инвестицияларын жедел тартыў есабынан ерисиў нәзерде тутылмақта.
Бул бағдарда халықаралық майданда өз ҳаўазы ҳәм абырайына ийе Шөлкемимиздиң барлық ағзалар менен нәтийжели жумыс ислеўге таярмыз. Жақын ҳәм жақсы қоңсы болған мәмлекетлеримиз экономикалары бир-бирин толықтыра алады. Улыўма саўда-транспорт коридорлары ҳәм энергетика тармақлары болса мәмлекетлеримизди үзликсиз байланыстырады. Биз жаңа «өсиў ноқатлары»н биргеликте илеп табыў арқалы келешекте салмақлы нәтийжелерге әлбетте ерисемиз.
Ҳүрметли мәжилис қатнасыўшылары!
Өзбекстан Шөлкемимиздиң тийкарғы ҳүжжети болған «Перспективалар – 2025»тиң орынланыў жуўмақларын қарап шығыўды қоллап-қуўатлайды. Ҳәзирше иске қосылмай атырған үлкен имканиятлардың терең таллаўы тийкарында Шөлкемимиздиң келешектеги тийкарғы тараў ҳәм тармақларын белгилеп бериўши «Экономикалық бирге ислесиўдиң стратегиялық мақсетлери – 2035» концептуаллық ҳүжжеттин ислеп шығыў ўақты келди, деп есаплаймыз.
Бул әҳмийетли ҳүжжетте төмендеги тийкарғы бағдарларға итибар қаратыў керек.
Бириншиден, өз-ара саўданы хошаметлеў. Өткен жылы мәмлекетлеримиз арасындағы саўда көрсеткиши 85 миллиард долларды қурады. Бул Шөлкемге ағза мәмлекетлер улыўма сыртқы саўдасының дерлик 8 проценти демек. Тилекке қарсы, жеңиллетилген саўда келисимин дүзиў бойынша көп жыллық умтылыслар күтилген нәтийжени бермей атыр. Тосқынлықсыз саўданы қәлиплестириў жолында еле көплеген шеклеўлер ҳәм машқалалар сақланып қалмақта.
Бул жағдайларды ашықтан-ашын тән алыўымыз ҳәм оларды унамлы тәрепке өзгертиў ушын жағдайға жаңаша көзқарас пенен қатнас жасаў керек. Усы мүнәсибет пенен экспертлеримиз тәрепинен ислеп шығылған Экономикалық бирге ислесиў шөлкеми шеңберинде саўданы әпиўайыластырыў ҳаққындағы келисимди қабыллаўға шақыраман.
Бул ҳүжжетте товар ҳәм хызметлер саўдасын жеңиллетиў, техникалық ҳәм тариф емес тосқынлықларды сапластырыў, бажыхана, фитосанитариялық ҳәм ветеринариялық тәртип-қағыйдаларды санластырыў, электрон саўданы раўажландырыўға айрықша итибар қаратылмақта. Дәслепки есап-санақларға бола, бул илажлар арқалы 2035-жылға барып өз-ара саўда көлемлерин кеминде еки есеге көбейтиў мүмкин.
Екиншиден, өз-ара транспорт-коммуникация байланыслылығын күшейтиў. Ағза мәмлекетлердиң көпшилиги теңизге тиккелей шығыў имканиятына ийе емес. Соның менен бирге, Азия-Тыныш океаны, Қубла Азия, Жақын Шығыс ҳәм Европа регионларының ири базарларына байланыстыратуғын ҳәм бизиң аймақларымыз арқалы өтетуғын трансконтиненталлық транспорт коридорлары потенциалынан толық пайдаланыўымыз зәрүр.
Келешекте «Қытай – Қырғызстан – Өзбекстан» ҳәм Трансаўған мультимодаль жолларының иске қосылыўы барлық ағза мәмлекетлердиң мәплерине сәйкес келеди.
Ташкентте 2-ноябрьде болып өткен транспорт министрлериниң мәжилисинде «Өзбекстан – Түркменстан – Иран – Түркия» транспорт коридорын раўажландырыў бойынша қабыл етилген ҳүжжетке басқа да ағзаларды да қосылыўға, өз-ара тариф ҳәм жыйымларды оптималластырыўға шақыраман.
Өзбекстан Әзербайжан ҳәм Түркия менен жүк тасыў ҳүжжетлерин санластырғанын, сондай-ақ, басқа да мәмлекетлер менен бундай жойбарлар әмелге асырылып атырғанын атап өтиў керек.
Бундай заманагөй системаларды кеңнен енгизиў ҳәм нәтийжели муўапықластырыў ушын Ташкент қаласында Шөлкемниң Санлы транспорт ҳәм бажыхана офисин шөлкемлестириў басламасын билдиремен.
Үшиншиден, санаат кооперациясы ҳәм исбилерменлик байланысларды жеделлестириў, индустриаллық хабларды қәлиплестириў.
Биз өз-ара инвестициялар ағымын көбейтиў, оларды қорғаў ҳәм санаат кооперациясын тереңлестириў бойынша Қоспа ҳәрекетлер бағдарламасын ислеп шығып, Шөлкемимиз Секретариатына усындық. Бул ҳүжжетте химия, энергетика, геология, тоқымашылық, былғары аяқ-кийим, азық-аўқат, фармацевтика ҳәм қурылыс тараўларында жаңа қоспа жойбарларды алға қойыў мақсет етип қойылған. Бул ийгиликли жолда Шөлкемниң Саўда ҳәм раўажланыў банки менен шериклик байланысларын кеңейтиў тәрепдарымыз.
Кеше Ташкентте өткен Саўда-санаат палаталары ҳәм көплеген компанияларымыз басшыларының қатнасыўындағы бесинши бизнес-форум жеке меншик секторда үлкен потенциалға ийе екенимизди айқын көрсетти. Биз Шөлкемимиз шеңберинде аймақларалық санаат көргизбесин шөлкемлестириў ҳәм оның дәслепки илажин 2024-жылы елимизде өткериў усынысын алға қоямыз.
Төртиншиден, энергетика қәўипсизлигин кепилликли тәмийинлеў. Миллий энергетика стратегияларын үйлестириў, регионлараралық энергия ресурсларын узатыў тармақларын раўажландырыў, «жасыл» энергетика технологияларын кеңнен енгизиўдиң әҳмийети артпақта.
Биз Шөлкемниң энергетика тараўында бирге ислесиў стратегиясының тийкарғы бағдарларынан бири болған қайта тиклениўши энергия дәреклерин раўажландырыў бағдарында кең көлемли жумысларды әмелге асырмақтамыз. 2030-жылға шекем 25 гигаватт қуўатлылығындағы қайта тиклениўши энергия дәреклерин жаратыўды ҳәм балансымызда олардың үлесин 40 процентке жеткериўди мақсет еткенбиз. Усы жылдың өзинде 2 гигаватт қуўатлылықтағы ири самал ҳәм қуяш электр станцияларын иске қосып атырмыз. Сондай-ақ, «жасыл водород» ислеп шығарыў тараўында да дәслепки қәдемлерди қоймақтамыз. Бул бағдарда барлық мәмлекетлер менен ашықтан-ашық сөйлесиў ҳәм тәжирийбе алмасыўға таярмыз.
Бирге ислесиў мәселелерин толық додалаў ҳәм жумысларды системалы түрде алып барыў ушын Шөлкемимиз шеңберинде айрықша Энергетика министрлери кеңесин шөлкемлестириўди усыныс етемиз.
Бесиншиден, климат өзгерислерине қарсы гүресиў ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша байланысларды жеделлестириў. Ҳәзирги ўақытта бизиң мәмлекетимиз бул өткир машқалалардың аўыр ақыбетлерине дус келмекте. Музлықлардың ериўи, суў ресурсларының жетиспеўшилиги, шөллениў, шаң-боранлар, топырақтың жемирилиўи ҳәм биологиялық көптүрлиликтиң жоқ болып кетиўи сыяқлы процесслер үлкен қәўетер оятпақта.
Структурамыз шеңберинде Экология мәселелери бойынша жоқары дәрежели платформа жаратыў бағдарында идеямызды қоллап-қуўатлағаныңыз ушын миннетдаршылық билдиремен. Оның биринши конференциясын 2024-жылы Самарқанд климат форумы шеңберинде шөлкемлестириўге таярмыз.
Сондай-ақ, келеси ҳәпте елимизде Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Шөллениўге қарсы гүресиў конвенциясының орынланыўын көрип шығыў бойынша комитет мәжилисинде ўәкиллериңизди белсене қатнасыўға шақырамыз. Ҳәзирги ўақытта барған сайын қыйын машқалаға айланып атырған қум-шаң боранларына қарсы гүресиў мақсетинде Самарқанд декларациясын қоллап-қуўатлаўға шақырамыз.
Алтыншыдан, туризм тараўында бирге ислесиўди күшейтиў. Жақында 140 тан аслам мәмлекетлердиң қатнасыўында Самарқандта болып өткен Пүткил дүнья жүзилик туризм шөлкеми Бас Ассамблеясының сессиясы регионымыз туристлик потенциалына жер жүзиниң итибарын тартыў бағдарында тарийхый ўақыя болды.
Бүгинги күнде Шөлкем мәканында ЮНЕСКОның 90 ға шамалас Пүткил жәҳән мийрасы объектлери жайласқан болып, мәмлекетлеримизге ҳәр жылы дерлик 80 миллион сырт ел туристлери келмекте.
Трансшегаралық бағдарлар барған сайын ғалабаласып атырғанын есапқа алып, биргеликте туристлик маршрутларды енгизиў ҳәм «Жипек жолы» туристлик бренди астында улыўма туристлик бағдарламаларды көбейтиўди усыныс етемен.
Шөлкемимиз Секретариаты жанында ағза мәмлекетлердиң туризм администрациялары ҳәм жетекши экспертлерден ибарат айрықша Туризм бойынша мәсләҳәт комитетин шөлкемлестириў усынысын билдирмекшимен. Оның дәслепки ушырасыўын келеси жылы Шөлкемимиздиң туризм пайтахты деп жәрияланған Шаҳрисабз қаласында өткериўге таярмыз.
Сондай-ақ, ағза мәмлекетлерди Самарқандта ашылған Пүткил жәҳән туризм шөлкеминиң Халықаралық туризм академиясы имканиятларынан үнемли пайдаланыўға шақырамыз.
Жетиншиден, мәдений-гуманитарлық бирге ислесиўди тереңлестириў арқалы дос халықларымызды және де жақынластырыў. Ҳәр жылы мәмлекетлеримизде гезек пенен Мәденият, көркем өнер ҳәм кино ҳәптеликлерин өткерип барыў, жаслардың дөретиўшилик фестиваллары ҳәм инновациялық бирге ислесиў платформасын жолға қойыў, фундаменталлық илимий бағдарларда өз-ара бирге ислесиўди күшейтиў байланысларымыз раўажланыўына күшли түртки бағышлайды.
Ҳүрметли саммит қатнасыўшылары!
Глобаллық тынышлық ҳәм қәўипсизликке қатаң қәўип туўдырып атырған Жақын Шығыстағы Палестина – Израил урысы бәршемизде үлкен тәшўиш оятпақта. Тилекке қарсы, бул қанлы келиспеўшилик ақыбетинде бәринен бурын, тыныш халық ўәкиллери, әсиресе, ҳаял-қызлар, балалар ҳәм кекселер көплеп қурбан болмақта. Урыстың регион бойлап жайылып кетиў қәўпи барған сайын реал түске енбекте.
Қарама-қарсылықтың кең көлемли келиспеўшиликке айланып кетиўине пүткиллей жол қойып болмайды. Биз тәреплерди жеделлик пенен әскерий ҳәрекетлерди тоқтатыўға, тыныш сөйлесиўлерди баслаў, ақылға уғрас маўасаға келиўге шақырамыз.
Палестина халқы Бирлескен Миллетлер Шөлкеми резолюциялары менен тастыйықланған ҳуқыққа, яғный, өзиниң ғәрезсиз мәмлекетин қурыў ҳуқықына ийе, деген исенимли позициямызды және бир мәрте билдиремиз.
Сондай-ақ, бүгинги саммит Шөлкемимиз ағзаларынан бири болған Аўғанстан қатнасыўысыз өтип атырғанына дыққатыңызды қаратпақшыман.
Әсирлер даўамында бизге жан қоңсы болған көпмиллетли Аўғанстан халқын бүгинги қыйын машқалалар алдынанда жалғыз қалдырып болмайды. Бул мәмлекетти регионаллық интеграция процесслерине жедел тартыў турақлы раўажланыўымыздың ажыралмас ҳәм зәрүр шәрти болып есапланады.
Бәршеңизди аўған халқына гуманитарлық жәрдем көрсетиўди көбейтиўге, бул мәмлекеттеги өткир социаллық-экономикалық машқалаларды топарлық жуўапкершилик ҳәм оптимал механизмлер тийкарында шешиўге шақыраман.
Ҳүрметли кәсиплеслер!
Сөзимниң жуўмағында айрықша атап өтпекшимен, бүгинги тарийхый саммит ҳәм оның нәтийжелери Шөлкемимизди нәтийжели ҳәм тәсиршең структураға айландырыўға, көпқырлы шериклигимизди жаңа шеклерге алып шығатуғынына исенемен.
Итибарыңыз ушын рахмет