Күни кеше Стамбулда «Медиада бирлик ҳәм келешекке көзқарас» атамасынжа түркий тиллес мәмлекетлер медиа саммити болып өтти.

Илажда Түркияның «Анадолу» мәлимлеме агентлигиниң бас директоры Сердар Карагез, Қырғызстанның «Кабар» мәлимеле агентлигиниң директоры Медербек Шерметалиев, Қазақстанның «Қазсонтент» медиахолдинг басқармасының баслығы Бекзат Жусупов, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги (ӨзА)ниң бас директоры Абдусаид Кўчимов, сондай-ақ, Түркия Президенти администрациясының Байланыс бөлиминиң баслығы Фаҳреттин Альтун, Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң Бас хаткери Кубаничбек Омуралиев ҳәм басқа да уллы мәртебели мийманлар қатнасты.

Илаж қатнасыўшылары өз-ара мәлимлеме алмасыўда түркий тиллес мәмлекетлер жетекши медиа структуралар арасындағы бирге ислесиўдиң әҳмийетин айрықша атап өтти.

Соған бола, Альянс түркий дүньяның уқсас мийрасы ҳәм мәдениятын қәстерлеп-сақлаў ҳәм ғалаба ен жайдырыўда әҳмийетли роль атқаратуғыны атап өтилди.

Саммит жуўмағына бола бес мәмлекет медиа структураларының басшылары арасындағы Түркий тиллер мәлимлеме агентликлери альянсын дүзиў ҳаққындаға декларацияға қол қойылды.

Назокат УСМОНОВА,

ӨзАның хабаршысы