Өзбекстан Республикасы Президенти «Жаныў ҳәм жарылыў қәўпи жоқары болған химиялық элементлерге байланыслы айрықша жағдайлардың алдын алыў бойынша илажлардың нәтийжелилигин арттырыў ҳаққында» қарар қабыл етти.

Оған бола, Айрықша жағдайлар министрлигине жаныў ҳәм жарылыў қәўпи жоқары болған химиялық элементлерди (өнимлерди) сақлаў, тасыў, олардан пайдаланыў ҳәм жоқ етиў тараўындағы жумысты муўапықластырыў, сондай-ақ, бул тараўда белгиленген талапларға әмел етилиўи үстинен қадағалаўды әмелге асырыў ўазыйпалары жүклетилди.

Айрықша жағдайлар министрлиги Радиациялық, химиялық ҳәм медициналық-биологиялық қорғаў басқармасы ҳәм оның бөлимлери структурасында жаныў ҳәм жарылыў қәўпи жоқары болған химиялық элементлерге байланыслы айрықша жағдайлардан қорғаў бөлимлери шөлкемлестириледи.

Төмендегилер бөлимниң (бөлимлердиң) тийкарғы ўазыйпалар етип белгиленеди:

министрликлер, уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлер, сондай-ақ, исбилерменлик субъектлери тәрепинен химиялық элементлерди (өнимлерди) сақлаў, тасыў, олардан пайдаланыў ҳәм жоқ етиўде белгиленген қәўипсизлик талапларына әмел етилиўи үстинен қадағалаўды әмелге асырыў;

республика аймағына алып кирилген, республика аймағында жайласқан объектлерде сақланып атырған ҳәм республика аймағы арқалы транзит тасылып атырған химиялық элементлер (өнимлер) ҳаққында бирден-бир орайласқан мағлыўматлар базасын жаратыў ҳәм турақлы жүргизип барыў;

химиялық элементлерди (өнимлерди) сақлаў, тасыў, олардан пайдаланыў ҳәм жоқ етиўде жүзеге келетуғын техноген авариялар ҳәм айрықша жағдайлардың алдын алыў, сондай-ақ, ақыбетлерин сапластырыў жумысларын муўапықластырыў;

химиялық элементлерди (өнимлерди) сақлаў, тасыў, олардан пайдаланыў ҳәм жоқ етиў тараўында мәпдар шөлкемлер менен бирге ислесиў.

Қарарға бола, республика аймағына алып кирилетуғын химиялық элементлер (өнимлер) бойынша электрон мағлыўмат алмасыў системасы жолға қойылады.

2024-жыл 1-январьдан баслап республика аймағына алып кирилген ҳәм белгиленген тәртипте бажыхана рәсмийлестириўинен өткерилген химиялық элементлер (өнимлер) ҳәм оларды алып кириўши субъектлер ҳаққында мағлыўматлар Бажыхана комитетиниң Бирден-бир автоматластырылған мәлимлеме системасы арқалы Айрықша жағдайлар министрлигине реал ўақыт режиминде усынып барылады.

Республика аймағына алып кирилген, республика аймағында жайласқан объектлерде сақланып атырған ҳәм республика аймағы арқалы транзит тасылып атырған химиялық элементлер (өнимлер) ҳаққында бирден-бир орайласқан мағлыўматлар базасын жаратады ҳәм турақлы жүргизип барады.

химиялық элементлерди (өнимлерди) сақлаў, тасыў, олардан пайдаланыў ҳәм жоқ етиўде қәўипсизлик талапларына әмел етилиўин тәмийинлеўге төмендегилер жуўапкер есапланады:

химиялық элементлер (өнимлерди) қоймаханаға жайластырылғанға шекем – тасыўшы;

химиялық элементлер (өнимлер) қоймаханаға жайластырылғанда – қоймахан ийеси;

химиялық элементлер (өнимлерден) пайдаланыў ҳәм жоқ етиўде – олардан пайдаланыўшы субъект.

ӨзА