Франция Президенти Эммануэль Макронның 1-2-ноябрь күнлери мәмлекетимизге әмелге асырған рәсмий сапары шеңберинде Өзбекстан ҳәм Франция жетекшилери еки тәреплеме байланысты келешекте стратегиялық шериклик дәрежесине көтериўге тийкарланған биргеликтеги билдириўди қабыл етти.

Ҳүжжетте атап өтилиўинше, 1993-жыл 27-октябрьде Өзбекстан менен Франция арасында дослық ҳәм бирге ислесиў ҳаққындағы шәртнамаға қол қойылғанының 30 жыллығына туўра келген Франция басшысының Өзбекстанға тарийхый сапары еки мәмлекет арасындағы қатнасықта жаңа бет ашпақта.

Тәреплер Өзбекстан ҳәм Франция арасындағы қатнасықты стратегиялық шериклик дәрежесине көтериў нийетинде жоқары дәрежедеги глобаллық бирге ислесиўди және де раўажландырыў мақсетинде ҳүкиметлераралық байланысты жеделлестириўге, улыўма мәплерге ийе барлық тараўларда узақ мүддетли структуралық жойбарларды алға қойыўда даўам етиўге қарар етти.

Билдириўдиң тийкарғы нормалары еки тәреплеме шерикликти және де тереңлестириў арқалы унамлы перспективаны белгилеўге қаратылған. Франция тәрепи «Өзбекстан – 2030» Стратегиясын әмелге асырыўда жәрдемлесиўге ҳәм демократия және нызам үстинлигин беккемлеўге қаратылған реформаларды және де қоллап-қуўатлаўға таяр екенин билдирген.

Еки мәмлекет халықаралық қәўипсизлик тараўында жүзеге келип атырған қәўип-қәтерлерге қарсы нәтийжели гүресиў бағдарындағы бирге ислесиўди және де беккемлеўден мәпдар екени де айтылған. Сондай-ақ, қәўипсизлик структуралары арасында байланысты және де раўажландырыўға келисип алынды.

Мәденият ҳәм мийрас тараўында 2022-2023-жылларда Лувр музейи ҳәм Париж Араб дүньясы институтында шөлкемлестирилген еки көргизбе нәтийжелерин есапқа алған ҳалда, тәреплер Мәденият ҳәм көркем өнерди раўажландырыў қоры менен Мәдений мийрас Миллий институты арасында бирге ислесиўди орнатыў арқалы мәдений мийрасты қайта тиклеў тараўындағы байланысты және де раўажландырыўға қарар етти.

Өзбекстан ҳәм Франция, сондай-ақ, 2021-жыл 6-январьдағы Келисим декларациясына муўапық, Ташкентте Өзбек-Француз мәденият орайын шөлкемлестириў бағдарындағы жумысларды даўам еттиреди. Билимлендириў тараўында Самарқандта «Француз Альянсы» ашылатуғыны қолап-қуўатланды ҳәм Өзбекстанда француз тилин оқытыўды қоллап-қуўатлаў, француз тили дәрежесин рәсмий аттестациядан өткериў, оқытыўшылардың маманлығын арттырыўға жәрдемлесиў ҳәм билимлендириў мәкемелери арасындағы байланысты беккемлеў мақсетинде бирге ислесиўди раўажландырыўға келисип алынды.

Өзбекстан ҳәм Франция арасындағы саўда ҳәм инвестицияны раўажландырыў, атап айтқанда, турақлы раўажланыўға айрықша итибар қаратыў әҳмийетли. Жасыл энергия, жоқары технологиялар, стратегиялық пайдалы қазылмалар, суў ҳәм қала хожалығы, транспорт, инфраструктура ҳәм денсаўлықты сақлаў бағдарларын раўажландырыў мақсетинде экономикалық шәртнамаларға қол қойылды.

Өзбек-француз экономикалық палатасының дүзилгени де үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Экономиканың барлық тараўларында, атап айтқанда, 2018-жылдан берли еки мәмлекетте болып өткен жоқары дәрежедеги ушырасыўлардың жуўмақлары бойынша ерисилген келисимлерди толық әмелге асырыў әҳмийетли екени атап өтилди.

Ҳүжжетке бола, 2020-2030-жылларға мөлшерленген экономикалық «Жол картасы» тийкарында төмендеги тармақларда, соның ишинде, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында тийкарғы әмелге асырыў ямаса баслаў структуралық жойбарлар дизимин дүзиўге келисип алынды. Соның ишинде, энергетика ҳәм электр энергиясын бөлистириў, геологиялық излеў, суў ресурсларын басқарыў, транспорт, туризм ҳәм парк объектлери, аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат санааты, инновациялық технологиялар тараўларында бирге ислесиў жеделлестириледи.

Саўда ҳәм инвестицияны хошаметлеў бағдарында Саўда-экономикалық бирге ислесиў бойынша Өзбекстан – Франция ҳүкиметлераралық комиссиясы, Франция кәрханалары ҳәрекетиниң «MEDEF International» жумысы қоллап-қуўатланды. Билдириўде, сондай-ақ, тәреплер Франция раўажланыў агентлигиниң топары менен Өзбекстанда әмелге асырылған қоспа жойбарлар портфели 1,3 миллиард евроға жеткени көрсетилди.

Агентликтиң қатнасыўында әмелге асырылып атырған қала инфраструктурасы, «жасыл» экономика, энергетика, аўыл хожалығы, суўды басқарыў сыяқлы бир қатар тармақларды раўажландырыў бойынша әҳмийетли бағдарламалар атап өтиледи. Франция тәрепи Өзбекстанның Орайлық Азияда тынышлық, қәўипсизлик, турақлы раўажланыў ҳәм жақсы қоңсышылық қатнасықларын тәмийинлеў бағдарында алып барып атырған ҳәрекетлерин қоллап-қуўатлады.

Қоспа декларацияда, сондай-ақ, көп тәреплеме бирге ислесиў, атап айтқанда, Бирлескен Миллетлер Шөлкеми, оның қәнигелескен мәкемелери ҳәм Европада қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеми ҳәм басқа да халықаралық шөлкемлер, тийисли регионаллық структуралар шеңберинде өз ҳәрекетлерин муўапықластырыўға таяр екени көрсетилген.

Тәреплер халықаралық ҳуқықтың тийкарғы принциплерине, атап айтқанда, БМШ режесинде белгиленген аймақлық тутаслық, суверенитет, ғәрезсизлик ҳәм халықаралық тән алынған шегараларға қолқатылмаслығы, барлық мәмлекетлердиң сыртқы байланысларда күш ислетпеў ямаса күш пенен қәўип салмаў ҳәм қарама-қарсылықларды тыныш жол менен шешиў бойынша миннетлемеге айрықша садықлығын және бир мәрте тастыйықлайды. Өзбекстан ҳәм Франция БМШ Бас Ассамблеясында БМШ режесиниң бузылыўы бойынша даўыс бериўден алдын жақыннан мәсләҳәтлеседи. Глобаллық азық-аўқат өнимлери ҳәм ядро қәўипсизлиги, келешектеги экологиялық апатшылықлардың алдын алыўдың әҳмийетли екенлиги де көрсетилген.

Және бир бәнтте болса еки мәмлекет Өзбекстан ҳәм Европа Аўқамы арасындағы қатнасықлардың раўажланыўын додалағаны айтылады. Тәреплер өз-ара байланысты және де беккемлеў ҳәм Европа Аўқамы менен Орайлық Азия арасындағы байланысты жақсылаў бойынша ЕАның «Глобал Gateway» стратегиясын раўажландырыў мақсетинде Өзбекстан ҳәм евро-структура арасындағы Кеңейтилген шериклик ҳәм бирге ислесиў ҳаққындағы келисимниң әҳмийетли екенин атап өтти.

Ҳүжжетте атап өтилиўинше, 2022-жыл 17-18-ноябрьде Самарқанд қаласында болып өткен «Европа Аўқамы – Орайлық Азия өз-ара байланыслылығы: турақлы раўажланыў ушын глобаллық дәрўаза» атамасындағы халықаралық конференцияның нәтийжелерин көрип шығыў ҳәм 2024-жылдың екинши шерегинде мәмлекетимизде болып өтиўи режелестирилген «Европа Аўқамы – Орайлық Азия» биринши толық түрдеги саммити ҳаққында мағлыўмат берилген.

Ҳүжжет әҳмийетли мәселелерге мүрәжат етип, еки мәмлекеттиң климат өзгериўине қарсы гүресиў, оның ақыбетлерине бейимлесиў илажларын көриў ҳәм Париж келисиминиң миннетлемелерин толық, нәтийжели әмелге асырыў бойынша қоспа ҳәрекетлерди күшейтиўден мәпдар екенин мәлим етеди.

Франция Президенти Өзбекстан тәрепинен Арал апатшылығының ақыбетлерин сапластырыў бойынша көрилип атырған илажларды қоллап-қуўатлады ҳәм Арал теңизи экосистемасын сақлап қалыў ҳәм оны раўажландырыўға үлес қосыў бойынша Франция раўажланыў агентлиги тәрепинен әмелге асырылып атырған илажларға итибар қаратты. Соның ишинде, жасыл, кем углеродлы ҳәм турақлы раўажланыў тараўындағы бирге ислесиўди жеделлестириў, инсан ҳәм қоршаған орталықты үнлестириўге биргеликте жәрдемлесиўге келисип алынды.

Еки мәмлекет басшылары БМШ Қәўипсизлик Кеңесиниң 2593-санлы резолюциясын толық әмелге асырыў әҳмийетли екенин айрықша қайталады. Бул бағдарда жоқары дәрежедеги мәсләҳәтлесиўлер даўам еттириледи.

Бул ҳүжжет шеңберинде әмелге асырылатуғын жумыслар шексиз. Еки тәреплеме бирге ислесиў жаңа басқышқа көтерилмекте. Мәмлекет басшыларының келисимлери бул бағдардағы ҳәрекетлерди және де желлесиўге алып келеди.

Беҳруз Худойбердиев, ӨзА