Қараөзек районындағы Есим аўыл пуқаралар жыйыны аймағында 2-санлы улыўма билим бериў мектебиниң имараты пайдаланыўға тапсырылды.

Усы мүнәсибет пенен өткерилген илажда район ҳәкими У.Утамбетов, Қарақалпақстан Республикасы мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министри ўазыйпасын атқарыўшы Г.Қожабаева ҳәм басқалар шығып сөйлеп, Президентимиздиң басшылығында елимизде мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўин раўажландырыў, олардың материаллық-техникалық базасын беккемлеў, жас әўладты анаЎатанға садық, миллий қәдириятларға ҳүрмет руўхында тәрбиялаў бағдарында әмелге асырылып атырған кең көлемли илажларға тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, халықтың турақ жай шараятын жақсылаў, аймақларда заманагөй қала қурылысы талаплары тийкарында көп қабатлы турақ жайлар, социаллық тараў ҳәм инфраструктура объектлери,  инженерлик-коммуникация тармақлары қурылысын жеделлестириў, жер участкаларынан ақылға уғрас пайдаланыўда Президентимиздиң 2021-жыл 9-декабрьдеги «Жаңа Өзбекстан» массивлерин  қурыў ҳәм аймақлардың социаллық-экономикалық раўажланыўын тәмийинлеў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы айрықша әҳмийетке ийе болды. Усы пәрман тийкарында Есим аўыл пуқаралар жыйыны аймағынан  10 гектар жер майданы таңлап алынып, 2022-2024-жыллар даўамында көп қабатлы турақ жайлар ҳәм 330 орынлық улыўма билим бериў мектебин қурыў белгиленген еди. Нәтийжеде «Төрткүл агротемирйўл таъмир» жуўапкершилиги шекленген жәмийети қурылысшылары тәрепинен мектеп қурылысы сапалы питкерилип, пайдаланыўға тапсырылды.


Илажда район ҳәкимлиги, мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги ўәкиллери, нуранийлар, ата-аналар, аймақ турғынлары қатнасып, «Жаңа Өзбекстан» массивинде қурылған  жаңа мектеп имаратында оқыўшыларға жаратылған шараятлар менен танысты.

 Қарақалпақстан хабар агентлиги