Қарақалпақстан ҳаққында сөз болғанда, бәринен бурын, көз алдымызда Арал теңизиниң аянышлы тәғдири көз алдымызға елеслейди.

Тәбият пенен аяўсыз өткен қатнастың жуўмағы инсаниятты албыратып таслады. Хошласыўға үлгере алмай қалған адамлар теңизди бир күнде жоғалтты. Арал ҳаққында жасы үлкенлер толқынланып, сағынып еслейди. Жаслар болса әдебият, көркем өнер шығармалары арқалы ғана толып-тасып теңиз ҳаққында тәсирлерге ийе болады.

Савицкий де Қарақалпақстанға келип, бул жерлерди жақсы көрип қалады…

Саҳра. Кеңлик. Шорланған жер. Мәрт, ақкөкирек адамлар. Еле европаласпаған адамлар. Миллийлик. Көркем өнер. Мәденият. Күнделикли турмыс. Художниктиң кеўилиндегисин сезиў мүмкин. Қашан, Сиз бул жерлерге келип, балығынан жеп, зағара нанды таярлап атырған ананың жүзиндеги әжимди көрсеңиз. Қашан, әпиўайы кеўилдиң қушағында өзиңизди көрсеңиз, меҳир менен сәўбетлессеңиз… Қашан, жыраўдың дәртли жырын тыңлап, желкеңиз өз-өзинен шайқала басласа…

Арал ҳаққында бир апа менен сөйлесип қалдым. Ол да мендей мүсәпирлерден. Алыстағы Бухараның етегинен. Жаслығының ең гүллеген демлери қарақалпақ жерлеринде өтти. Әскерге турмысқа шығып, өмирлик жолдасының хызмети артынан усы жерлерге келип қалды. Оқыды. Илим иследи. Эколог деген дәрежеге ийе дипломды ол усы жерде алды. Апа маған Үстирт ҳаққында айтты, Судочье көлине қыялымызда саяхат еттирди, кийик пенен қуланлардың өмирин инсанлар турмысына уқсатты. Бадай тоғайдың аянышлы тәғдири… Аўа, аянышлы тәғдирине өкиниш билдирди. Ол эколог… Тәбиятты сақлаўға шақырыўы кеўлимдеги нәзик туйғыларды оятқандай болған еди. Бадай тоғайға бармадым еле. Бирақ оны қәстерлеп сақлаў керек, деген жуўмаққа келдим.

Қырғаўылды сүйдим. Себебин билесиз бе, неге… Шыршыққа көп-көп жийделер келетуғын еди. «Қарақалпақтики, ал балам», деп сататуғын едим кемпир апалар. Аралдан келипти, деп мен де теберик етип, жийдени жақсы көрип жейтуғын едим. Қырғаўыл да жийдени сүйетуғын қус екен. Сол ўақытлары Алладан бир белги болған маған. Күн келип қырғаўыллар ели болған қарақалпаққа келиўими сол гезде белгили болған екен.

Ох, Арал… Арал…Арал…. Инсанның ашшы тәғдири гейде көзде жас қалқытады. Аралдың аянышлы «өлими»не титиркендим. Я бир дәрья толтыра алды, я бир көл. Әмиўдәрьяның өзи де күн сайын азайып баратырған бир ўақытта үлкен Аралды толтырыў… Ох, қалайынша?! Алланың қүдиретин күтиўден басқа илаж жоқ. Тилек, тек ғана тилек… Гүналардан жырақ болыў керек. Пәтия, тилек ғана әжайыбатқа жетелейтуғыны анық. Қоллар пәтияға жайылса ғана, Аралдың толыўы анық.

«Аралға барыўды қәлеген суўлар жетип баралмайтуғыны қумлар аш… Ызғар тартқан топырақ болса еди, басқа гәп», апа күйип айтты. Өзи Арал еди, илажсызлықтан кеўили бузылған Арал. Толып-тасты. Тасқын сөзлерден мен асығып қалдым. Дәптеримди изледим. Тезирек кеўил ойларын қағазға жазыўды қәледим. Мен бир қәлемкеш… Аралға я бир пайдам тийсе…Алладан тилек етип сораўдан басқа ҳеш қандай жәрдемим тиймес.

Апаға еле сораўларым бар. Ол биледи. Аралды қайтарыў керек.

Ол биледи…

Аралдың қашан қайтатуғынын билетуғындай да…

Сораў нәзери менен оған қарайман. Көзин алып қашыўына исенбедим. Арал «өлмеген».

Аралымды қайтар, тәбият…

Шоҳиста АБДУРАҲМОНОВА,
ӨзА