Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педегогикалық институтында 16-сентябрь –халықаралық охон қатламын қорғаў күнине арналып, «Озон қатламы-жердиң қалқаны» атамасында семинар болып өтти.

Өзбекстан Экологиялық партиясы Нөкис қалалық Кеңеси өткерилген семинарда Онда профессор-оқытыўшылар, студент жаслар, партия ағзалары қатнасты.

Илажда сөзге шыққанлар озон қатламы элементлердиң ҳәдден тыс көп қолланылыўы себепли оның жемирилип, 1980-жыллардың ақырында соңында «Озон тесиклери» пайда болып, оның қорғаў қәсийетиниң төменлегенин айтып өтти. 1985-жылы «Озон қатламын қорғаў ҳаққында»ғы Вена конвенциясы қабыл етилгенлиги усы машқаланың шешимин табыўда тийкар болды.

Илимпазлар ҳәм экспертлердиң изертлеўлери нәтийжесинде озонды жемиретуғын ең зыянлы ҳәм келешекте халық хожалығында пайдаланыў ушын жарамлы болған элементлер анықланып, олардың жуўмақлары 1987-жылы 16-сентябрь күни «Озон қатламын жемириўши элементлер бойынша Монреал протоколы»ның қабыл етилиўине тийкар болды. Мәмлекетимиз 1993-жылдан баслап «Озон қатламын қорғаў ҳаққында»ғы Вена конвенцияси ҳәм «Озон қатламын бузыўши элементлер бойынша Монреал протоколы» тәрепдары екенлиги белгиленген.

Қалаберди, ҳүкиметимиздиң қарары менен «Озон қатламын бузыўшы элементлерден пайдаланыўды тоқтатыў бойынша» Миллий бағдарлама қабыл етилгенлиги, оған муўапық 2019-2024-жылларға мөлшерленген нәтийжели технологияларды енгизиў арқалы озон қатламын бузыўши элементлерди пүткиллей тутыныўдан шығарыў бойынша 8,6 миллион долларға тең болған жойбар әмелге асырылып атырғанлығы атап өтилди.

Соның менен бирге, республикамыз бойлап халықтың барлық қатламын, әсиресе, жасларды қамтыған ҳалда бир неше жылдан берли ” Жасыл мәкан” улыўма миллий жойбары әмелге асырылып атырғанлығы ҳәм жасыл қатламларды көбейтиў арқалы озон қатламының жемирилиўине қарсы «жасыл белбеў» ретинде ана жеримиздиң қалқаны қорғалып атырғанлығы сөз етилди.




Илаж қатнасыўшылары өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги