Соңғы жыллары елимизде спорттың басқа түрлери сыяқлы пляж футболы да раўажланып бармақта. Қарақалпақстан Республикасы, Ташкент қаласы ҳәм ўәлаятларда бул спорт түри бойынша командалар дүзилип, бир неше жыллардан берли Өзбекстан чемпионаты ҳәм кубоги жарыслары өткерилип келинбекте.

Мойнақ районында қурылған жаңа пляж футболы стадионы бул сөзимизди айқын дәлийллейди.

Бүгин Мойнақ районында пляж футболы бойынша Өзбекстан кубоги ҳәм жаңа стадионның ашылыў мәресими болып өтти.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жаслар сиясаты ҳәм спорт министри А. Алланазаров, Мойнақ районы ҳәкими Б.Менглибековлар соңғы жыллары елимизде спорттың барлық түрлери сыяқлы, пляж футболын раўажландырыўға қаратылып атырған итибар ҳәм футболшыларымыздың халықаралық жарысларда көрсетип атырған нәтийжелери ҳаққында кең түрде айтып өтип, Өзбекстан кубоги жарысы ҳәм жаңа стадионның ашылыў менен қутлықлады ҳәм жарысқа қатнасыўшы командаларға табыслар тиледи.


-Мойнақта қурып питкерилген бул заманагөй стадионның қурылысы ушын Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының арнаўлы қарары тийкарында 600 млн сум ақша ажыратылып, қурылыс жумыслары өз мүддетинде  питкерилди,-дейди Қарақалпақстан Республикасы футбол ассосациясы вице-президенти Исҳақ Ибрагимов.-Буның ушын республикамыз басшыларына спорт жанкүйерлери атынан терең миннетдаршылық билдиремиз.

Буннан соң Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери жаңлап,  кубок жарысларына старт берилди.

Мағлыўмат ушын айтып өтетуғын болсақ, Өзбекстан кубоги жарысына Ферғана, Әндижан, Қашқадәрья, Хорезм ўәлаятлары, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети, Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалы, Қоңырат ҳәм Мойнақ районларынан 8 команда қатнаспақта.




Кубок ойынлары 19-сентябрьде өз жуўмағына жетеди.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы