Apple жаңа iPhone 15 сериясын усынған ўақытта, Франция ҳүкимети iPhone 12 ҳәм iPhone 12 Pro моделлерине айырықша итибар қаратыўға қарар етти.

Францияның Pro радиация бақлаў шөлкеми Аpple компаниясын мәмлекетте iPhone 12 ҳәм iPhone 12 Pro сатылыўын қадаған етиўди режелестирип атырғаны ҳаққында хабардар етти. Телефонлар ҳәдден тысқары жоқары дәрежеде радио толқынларын шығарады, бул болса пайдаланыўшылардың денсаўлығына қәўип келтириўи мүмкин.

Apple бул жуўмақларға келиспеўшилик билдирген ҳәм телефонлар барлық әмелдеги қәўипсизлик стандартларына жуўап беретуғынын айтқан.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги