«Халық мәмлекетлик уйымларға емес, мәмлекетлик уйымлар халқымызға хызмет етиўи керек»,- деген еди Өзбекстан Республикасы Президенти Ш. Мирзиёев.

Сол айтқандай бүгинги күни елимизде мәмлекетлик уйымлар тәрепинен аймақларға барып, халқымыз бенен пикирлесиў ҳәм олардың машқалаларын үйренип, тийисли тәртипте унамлы тәрепке шешиў бойынша бир қатар унамлы ислер әмелге асырылмақта.

Өзбекстан Республикасы Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министриниң орынбасары Р.Турдыбаева ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети баслығы М.Ахмедова район басшылары менен биргеликте районның ең шетки аймағы есапланған Аспантай аўыл пуқаралар жыйынының көше бийлери ҳәм өрнекли ҳаяллары менен ушырасты.






Онда аймақ халқының бүгинги турмысы жақыннан үйренилип, олардың жасаў жағдайлары менен танысты. Өзлериниң үй алды қыйтақ жеринен нәтийжели пайдаланып атырған шаңарақларға миннетдаршылық билдирилип, дийқаншылық мәдениятын еле де жоқарылатыў бойынша өзлериниң баҳалы мәсләҳәтлерин берди.

Соның менен бирге, илаж қатнасыўшылары «Абат шаңарақ, абат көше, абат мәҳәлле» мәмлекетлик бағдарламасы тийкарында жыйын аймағында алып барылып атырған қурылыс оңлаў ҳәм абаданластырыў жумысларының барысы менен де танысты.





Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы