Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 8-сентябрь күни Пүткил дүнья жүзилик этноспорт конфедерациясының баслығы Нажмиддин Билол Эрдоған басшылығындағы делегацияны қабыллады.

Миллий спорт түрлери ҳәм халық ойынларын және де раўажландырыў ҳәм ғалаба ен жайдырыў мәселелери бойынша пикир алысылды.

Ушырасыў алдынан Билол Эрдоған Өзбекстан жетекшисине Түркия Президенти Режеп Таййип Эрдоғанның сәлеми ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.

Биринши рет Хийўа қаласында дүньяның 60 тан аслам мәмлекетинен дерлик 2 мың спортшының қатнасыўында өткерилип атырған Халықаралық этноспорт фестивалы қоллап-қуўатланып атырғаны ҳәм жоқары дәрежеде шөлкемлестирилгени ушын қызғын миннетдаршылық билдирилди.

Сәўбетте қоспа «жол картасы» тийкарында билимлендириў бағдарламасын ислеп шығыў, тәжирийбе алмасыў, қәнигелер, тренерлер ҳәм төрешилерди таярлаў, жасларды этноспортқа кеңнен тартыў бойынша бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.

ӨзА