Жаслар ислери агентлиги имаратында Ўатанымыз ғәрезсизлигиниң 32 жыллығына бағышлап шөлкемлестирилген «Ең уллы, ең азиз» таңлаўының республика басқышының жеңимпазларын сыйлықлаўға бағышланған илаж болып өтти.

Бул дөретиўшилик жойбар Президентимиздиң 2023-жыл 27-июльде қабыл етилген «Өзбекстан Респубикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң отыз еки жыллық байрамына таярлық көриў ҳәм оны өткериў ҳаққында»ғы қарары ҳәм Министрлер Кабинетиниң тийисли протоколының орынланыўы шеңберинде «Жаңа турмыс ушын, Жаңа Өзбекстан ушын!» бас идеясы тийкарында өткерилди.

Таңлаў Өзбекстан Журналистлер аўқамы, Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги, Жазыўшылар аўқамы, Кинематография агентлиги, Өзбекстан Миллий медиа бирлеспеси, Республикалық «Сүўретлеў айнасы» дөретиўшилик аўқамы, Көркем өнер академиясы, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги – ӨзА, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы менен биргеликте шөлкемлестирилди.

Өзбекстан Журналистлер аўқамының баслығы ўазыйпасын атқарыўшы Холмурод Салимов, Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги директорының биринши орынбасары Дилшод Саиджанов, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги бас директоры Абдусаид Кўчимов, Жазыўшылар аўқамы баслығының орынбасары Ғайрат Мажид ҳәм басқалар усындай дөретиўшилик таңлаўлар дөретиўшилерди және де жуўапкершилик пенен ислеўге, излениўге ийтермелейтуғынын атап өтти.

Быйылғы таңлаўда дөретиўши жумыслар 7 номинация бойынша қабыл етилди. «Баспа ғалаба хабар қураллары хызметкерлериниң ең жақсы журналистлик жумыслары», «Телевидение ҳәм радио дөретиўшилериниң ең жақсы материаллары», «Интернет-журналистикасы», «Публицистикалық жанрдағы ең жақсы китап ушын», «Жазыўшы ҳәм шайырлардың ең жақсы көркем шығармалары», «Сүўретлеў көркем өнери, фото ҳәм дизайн жумыслары», «Кино көркем өнери шығармалары» номинациялары солар қатарына киреди.

«Жаңа турмыс ушын, Жаңа Өзбекстан ушын!» деген бас идея тийкарында өткерилген таңлаўдың республика басқышына 7 номинация бойынша 345 дөретиўшиден 1 мың 700 ге шамалас дөретиўшилик жумыс усынылды.

Төрешилер коллегиясы ағзалары дөретиўшилик жумысларды бес баллық система бойынша теманың әҳмийетлилиги, талланыўы, шығарманың көркемлиги, ғәрезсизлик идеясының сәўлелениўи, талықлаўдың өзине тәнлиги сыяқлы өзгешеликлерине тийкарғы итибар қаратты.

«Ең уллы, ең азиз» таңлаўының «Баспа ғалаба хабар қураллары хызметкерлериниң ең жақсы журналистлик жумыслары» номинациясына 74 журналист өзиниң 359 дөретиўшилик жумысы менен қатнасты. Таңлаўға қатнасыў тилегиндеги талабанлар қатарының кеңейиўи менен бирге дөретиўшилик жумыслардың сапасы артқаны дыққатқа ылайық.

Көркем публицистика жәмийетте болып атырған жәмийетлик-сиясий, мәдений-ағартыўшылық процесслерге, дүньяда жүз берип атырған, адамлардың санасына, дүньяқарасы ҳәм турмыс тәризине тәсир етип атырған ўақыяға мүнәсибет билдириўши дөретиўшилик ақыл-ой жемиси болып есапланады. Таңлаўдың «Публицистикалық жанрдағы ең жақсы китап ушын» номинациясына быйыл өткен жылға қарағанда жүдә көп дөретиўшилик жумыс келип түскен. Олардың белгили бир проценти устаз журналистлерге тийисли болса, қалғанлары жас дөретиўшилерге туўра келеди.

Быйылғы таңлаўдың «Телевидение ҳәм радио дөретиўшилериниң ең жақсы материаллары» номинациясы бойынша 56 дөретиўшиден 300 ге шамалас дөретиўшилик жумыс келип түскен. Материаллар түри ҳәм мазмуны ҳәр қыйлы болып, оларда жаңаланыў процесслери, «Инсан қәдири ушын» деген идеяның әмелий көриниси ашып берилгени менен әҳмийетли.



















Таңлаўдың «Интернет-журналистикасы» номинациясы бойынша 30 ға шамалас дөретиўши қатнасқан. Олардың айырымлары мәмлекетлик емес интернет басылымларының үлесине туўра келеди. Бул номинация бойынша 150 ден аслам ҳәр қыйлы жанрлардағы дөретиўшилик жумыс көрип шығылған. Дыққатқа ылайық тәрепи, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлигиниң арнаўлы шолыўшысы Зиёдулла Жонибеков усы номинация бойынша биринши орынға ылайық деп табылды.

– Ең уллы ҳәм ең азиз байрам алдында дөретиўшилерге көрсетилип атырған итибардан оғада қуўанышлымыз,-деди «Ўзбекистон адабиёти ва санъати» газетасының бөлим баслығы Шойим Бўтаев. – Бүгин ҳақ сөзди айтыў қуўанышы барлығымызға несип етти. Бул болса және де көбирек дөретиўшилик излениўге шақырмақта.

Илажда жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелери сыйлықланды. Көркем өнер шеберлериниң қатнасыўында музыкалық бағдарлама қойып берилди.

Назокат Усмонова,

Даврон Эрназаров, ӨзА