Усы жылы жоқары билимлендириў мәкемелеринде төлемли-конракт баҳасы өзгермесе, студентлер ушын берилетуғын стипендия муғдары арттырылыўы мүмкин бе?

Бул сораў бойынша Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги басқарма баслығы Шерзод Неъматов төмендегилерди мәлим етти.

– Мәмлекетимизде студентлерди социаллық қорғаў мәселесинде бир қатар илажлар әмелге асырылмақта,-дейди Шерзод Неъматов. – Атап айтқанда, ЖОМларда контракт суммасының өзгериссиз қалдырылыўы да солардың қатарына киреди.

Халықтың айлық мийнет ҳақысы ҳәм пенсиясы, студентлердиң стипендия муғдары сыяқлы төлем түрлери бир-бирине дифференциал түрде Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм қаржы министрлиги тәрепинен талланатуғын мәселе болып есапланады.

Ҳәзирги күнде жоқары билимлендириў мәкемелеринде жүдә көп атамада стипендиялар түри енгизилген. Бундай стипендиялар оған кирмейди. Тек  улыўмалық характерге ийе болған стипендияларға ғана Экономика ҳәм қаржы министрлиги тәрепинен көрип шығылған ҳалда өзгерислер киргизилиўи мүмкин.

Муҳайё Тошқораева, ӨзА