Олий Мажлис Сенаты кенгашиниң қарарына бола, ертең – 4-агуст күни Сенаттың қырқ үшинши жалпы мәжилиси болып өтеди. Мәжилисте қандай мәселелер көрип шығылыўы күтилмекте?

Сенат мәлимлеме хызметинен мәлим етиўинше, жалпы мәжилис видеоконференцбайланыс системасынан пайдаланған ҳалда өткериледи. Онда бир қатар нызамлар ҳәм басқа да мәселелер додаланыўы күтилмекте.

Атап айтқанда, «Гидротехника имаратларының қәўипсизлиги ҳаққында», «Суд қарарларының нызамлылығы, тийкарланғанлығы ҳәм әдиллигин тексериў институты жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының Жынаят-процессуаллық кодексине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында», «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине крипто-активлер айланысы тараўында лицензиялаў ҳәм руқсат бериў тәртип-қағыйдалары системасын жетилистириўге қаратылған қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы нызамлар солардың қатарына киреди.

Сондай-ақ, «Адвокатура ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамының 31-статьясына өзгерис киргизиў ҳаққында», «Волонтёрлық жумысы ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында», «Ҳайўанат дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамының 43-статьясына қосымша ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында», «Ветеринария ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамына өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы нызамларды көрип шығыў режелестирилмекте.

Буннан тысқары, дәрьяларлардың аңғарларын тазалаў ҳәм жағаларын беккемлеў, рудалық емес пайдалы қазылмаларды қазып алыўдың қоршаған орталық, суў ҳәм жол хожалығы объектлерине унамсыз тәсири бойынша Министрлер Кабинетине жиберилген парламентлик сораўдың нәтийжелери додаланады.

Н.Абдураимова, ӨзА