2023-жыл сентябрь айына шекем тийисли министрликлер ҳәм уйымлар Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлық пенен мәлимлеме технологиялары бағдарларында айрықша жетискенликлерге ерискен қәбилетли қызларды да сыйлықлап барыў тәртибин енгизиўди нәзерде тутатуғын Министрлер Кабинети қарар жойбарын ислеп шығады.
Бул ҳаққында Президенттиң «Өзбекстан – 2030» стратегиясын 2023-жылдан сапалы ҳәм өз ўақтында әмелге асырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары жойбарында сөз етиледи.
«Өзбекстан – 2030» стратегиясының 25-мақсетинде ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў системасын күшейтиў, олардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин тәмийинлеў, социаллық, экономикалық, сиясий белсендилигин арттырыў ҳәм гендер теңликти тәмийинлеў нәзерде тутылады. Онда, соның ишинде, мәлимлеме технологиялары бағдарында айрықша жетискенликлерге ерискен қәбилетли қызларды да сыйлықлап барыўды жолға қойыў режелестирилмекте.
Бул бағдарда ҳаял-қызларды таңлап алыўда олардың жаратқан программалық тәмийнаты, мобиль қосымшасы, компьютер ойынлары, ойлап табыўлары, технология ҳәм технологиялық процесслерди жетилистириў бағдарындағы қолланбаларды мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик басқарыў, өндирис, социаллық тараўдағы әҳмийетли машқалаларды шешиўге хызмет ететуғынына айрықша итибар қаратылады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги