Өзбекстан Республикасы экономика ҳәм қаржы министри Шерзод Кудбиев АҚШтың НьюЙорк қаласында БМШ Экономикалық ҳәм социаллық кеңесиниң жоқары дәрежедеги сиясий форумы шеңберинде «Турақлы раўажланыў мақсетлери саммитине қарай жеделлик» темасындағы улыўмалық сөйлесиўлерде шығып сөйледи.

Экономика ҳәм қаржы министрлиги Жәмийетшилик пенен байланыслар басқармасының хабарына бола, министр өзиниң шығып сөйлеген сөзинде Өзбекстанда Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиў тараўында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм мәмлекет алдында турған әҳмийетли шақырықларға тоқтап өткен.

Атап айтқанда, шығып сөйлеген сөзинде Өзбекстан Республикасы Президенти басшылығында 2022-2026-жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясы шеңберинде әмелге асырылып атырған реформалар мәмлекетти раўажландырыўдың кейинги басқышына алып шыққаны атап өтилди. Стратегияның «Инсан қәдири» принципи ТРМ (Турақлы раўажланыў мақсетлери)ниң «Ҳеш кимди артта қалдырмаймыз» сүрени менен сәйкеслигине айрықша итибар қаратылды.

– Соңғы 6 жыл даўамында Өзбекстан экономикасының реал өсиў дәрежеси 1,4 есени қурады. Бул дәўирде мектепке шекемги билимлендириў менен қамтыў 3 есеге, жоқары билимлендириў менен қамтыў болса 4 есеге артты. 200 мыңнан аслам жаңа киши ҳәм орта кәрханалар өз бизнесин баслады. 2020-жылы Өзбекстанда биринши мәрте кәмбағаллықты қысқартыў мәмлекетлик сиясаты күн тәртибиниң әҳмийетли бөлеги, деп жәрияланды,-деди Ш.Кудбиев.

Сондай-ақ, шығып сөйлеген сөзинде жаңадан қабыл етилген Конституцияға «Өзбекстан-социаллық мәмлекет» түсинигиниң киргизилгени әҳмийетли қәдем болғаны, буннан тысқары, «жасыл өсиў», суўдан ақылға уғрас пайдаланыў сыяқлы бағдарларда анық ҳәрекетлерди әмелге асырыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Мағлыўмат орнында соны айтыў мүмкин, болып өткен сөйлесиўлерде БМШқа ағза мәмлекетлер делегациялары басшыларына Бас ассамблея минберинде 4 минутлық шығыў имканияты берилди. Өзбекстан делегациясы 17-июль күни шығып сөйлеген 36 мәмлекет ўәкиллеринен бири болып есапланады.

Н.Зиёдуллаева таярлады. ӨзА