Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Беларусь Республикасы Президенти Александр Лукашенко менен телефон арқалы сөйлесиўинде әмелий бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў, қоспа кооперация жойбарларын қоллап-қуўатлаў ҳәм жедел гуманитарлық алмасыўды даўам еттириў мәселелери көрип шығылды.
Беларусь Президенти мәмлекетимиз басшысын Президентлик сайлаўда ерискен исенимли жеңиси менен қызғын қутлықлап, Өзбекстанға үлкен табыслар ҳәм раўажланыў тиледи.
Өз-ара саўда көлеми артып, медицина, фармацевтика, тоқымашылық ҳәм басқа да тармақларда әмелге асырылып атырған жойбарлардың саны көбейип атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Усы жылдың апрель айында Беларусь Өзбекстан мәденият күнлери табыслы өткерилди, май айында Ташкент қаласында биргеликте сүўретке алынған кинофильмниң премьерасы болып өтти.
Еки мәмлекет жетекшилери тәрепинен Өзбекстан-Беларусь ҳүкиметлераралық коммиссиясының жумысын жеделлестириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Регионаллық шөлкемлер, соның ишинде, Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы ҳәм Шанхай бирге ислесиў шөлкеми шеңбериндеги бирге ислесиўге байланыслы мәселелер де көрип шығылды.
ӨзА