Орынларда Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабанлардың исенимли ўәкиллериниң сайлаўшылар менен ушырасыўлары даўам етпекте.

Тахтакөпир районында Өзбекстан «Адолат» социал-демократиялық партиясынан Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабан Робахон Махмудованың Қарақалпақстан Республикасындағы  исенимли ўәкили Нурлыбай Қайыпберегновтың сайлаўшылар менен ушырасыўы болып өтти.

Ушырасыўда исенимли ўәкил сайлаўшыларға талабанның сайлаўалды бағдарламасындағы тийкарғы бағдарлар ҳаққында кең түрде мағлыўмат берди.




Бағдарламада жәмийетлик ҳәм мәмлекетлик турмыстың барлық салаларында, ҳәр бир инсанның абадан турмысы ушын зәрүр шараятлар жаратыў, социаллық әдиллик ҳәм нызам үстинлигин тәмийинлеў, халық ҳәкимиятының тымсалы болған, ўәкиллик демократиясы институтының роли менен әҳмийетин еле де арттырыў, пуқаралардың татыўлығы, миллетлераралық ҳәм динлераралық кеңпейилликти беккемлеў мәселелери орын алғанлығы атап өтилди.

Партия мәмлекетлик басқарыўда ашық-айдынлықты тәмийинлеў, онда пуқаралардың қатнасыўын кеңейтиўдиң заманагөй ҳәм нәтийжели усылларын енгизиў тәрептары.

Ушырасыўда шығып сөйлегенлер нызам үстинлигин тәмийинлеў, әдалатлы пуқаралық жәмийетине тийкарланған ҳуқықый-демократиялық мәмлекет қурыў, социаллық-экономикалық раўажланыўды қоллап-қуўатлаў сыяқлы әҳмийетли мақсетлер талабанның сайлаў алды бағдарламасынан орын алғанлығын айрықша атап өтти.

Илажда қатнасыўшылардың пикир-усыныслары тыңланып, олар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги