Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалында питкериўши жасларды жумысқа бөлистириў мәресими болып өтти.

Онда сөзге шыққанлардың атап өткениндей, мәмлекетимизде соңғы жыллары жаслардың сапалы билим алыўы ушын зәрүр шараятларды жаратыў, әсиресе, питкериўши курс студентлериниң бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм жумыс орынларын жаратыў бойынша бир қатар жумыслар алып барылмақта. Әсиресе, ветеринария ҳәм шарўашылық тараўына айрықша итибар қаратылып атырғанлығы ҳәм оны буннан былай да раўажландырыў бойынша  кең көлемли реформалар әмелге асырылып, қәнигели кадрларға болған талаптың артып баратырғанлығы атап өтилди.

–  Быйылғы жылы  филиалымызды 3 бағдар бойынша 75 студент тамамлайды, – дейди Маркетинг ҳәм студентлер әмелияты бөлиминиң баслығы Д.Қаниязов.- Соннан, бүгинги күнге шекем 12 питкериўши ветеринария бөлимлерине ҳәм фермер хожалықларына жумысқа орналасты. Қалған питкериўшилердиң де бәнтлигин тәмийинлеў бойынша илажға мирәт етилген жумыс бериўшилер менен келесимлерге ерисилди.

Питкериўшилер менен алып барылған сөйлесиўлер даўамында олардың да пикир – усыныслары тыңланды. Буннан гөзленген мақсет, студент жаслардың жумысқа орналасыўы ушын зәрүр шараятларды жаратыў арқалы ветеринария ҳәм шарўашылық тараўының буннан былайда раўажланыўына өз үслеслерин қоса алатуғын жетик қәнигелерди таярлаў болып табылады.


Қарақалпақстан хабар агентлиги