«Apple» 120 Гц.ли частоталы 27 дюмлы «мини-ЛЕД» мониторын ислеп шығарыўды бийкарлайды.
«Apple» компаниясы 27 дюмлы «мини-ЛЕД» мониторын шығарыў режелеринен ўаз кешеди. Бул ҳаққында «Macrumors» порталы инсайдер Росс Янгға тийкарланып хабар бермекте.
Янгның сөзлерине бола, «Apple» белгисиз себеплерге бола 27 дюмлы мониторды шығармайды. Компания бул өнимди соң ислеп шығарады ма ямаса, бул жойбардан пүткиллей ўаз кешкен бе, буған анықлық киризилмеген.
Алдын жаңа монитор «мини-ЛЕД» матрицасын алыўды ҳәм 120 Гц.ға шекем көринисти жаңалаў тезлигин тәмийинлейтуғын «ProMotion» технологиясын қоллап-қуўатлайтуғынын айтты. Бул модел «Apple Studio Display» ҳәм қымбатырақ «Pro Display XDR» арасындағы өз-ара байланыслы болады.
«Apple Studio Display» 2022-жылдың март айында, флагман «Pro Display XDR» мониторы болса 2019-жылдың июнь айында шығарылған.
Азизбек Дабылов,
ҚМУдың Интернет журналистикасы тәлим бағдарының 4-курс студенти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги