Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Статистика агентлиги баспасөз хызметиниң мағлыўматларына қарағанда, 2023 – жылдың 1 – январь жағдайына Өзбекстан Республикасында физикалық тәреплерге тийисли болған мототранспортлар саны 47 790 ды қураған.
Ал, аймақлар кесиминде болса мототранспортлар саны бойынша Қарақалпақстан Республикасы Бухара ўәлаятынан соң екинши орынды ийелеп тур. Атап айтатуғын болсақ, бул көрсеткиш Бухарада 8569 ды қураса, Қарақалпақстанда 6053 мототранспортты қурайды. Мототранспортлар саны елимиздиң басқа аймақларында төмендегише етип көрсетилген:
— Әндижан ўәлаятында – 3393
— Жиззақ ўәлаятында – 1169
— Қашқадәрья ўәлаятында – 4695
— Наўайы ўәлаятында – 1864
— Наманган ўәлаятында – 628
— Самарқанд ўәлаятында – 5847
— Сурхандәрья ўәлаятында – 1273
— Сырдәрья ўәлаятында – 259
— Ташкент ўәлаятында – 1229
— Ферғана ўәлаятында – 5550
— Хорезм ўәлаятында – 4448
— Ташкент қаласында – 2813
Муслатдинова Фарида,
ҚМУ интернет журналистикасы 4-курс студенти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги