Усы жылдың 4-апрель күни Елликқала районында «7-апрель – Дүнья жүзилик саламатлық күни»не бағышлап ҳәм районда саламат турмыс қәлпин кең ен жайдырыў мақсетинде районда жасайтуғын 7 жастан 70 жасқа шекемги пуқаралар арасында кросс жарысы өткерилди. Бул ҳаққында район ҳәкимлигиниң рәсмий веб-сайты хабар бермекте.

Жарысқа 950 адам қатнасып, олар 13-15,16-17, 18-30, 31-40, 41-70 жас категориясы бойынша өз ара имканиятларын сынады.  

Жарыс жуўмағында жеңимпазлар анықланып, шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған диплом ҳәм саўғалар менен сыйлықланды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги