29-март күни Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңесиниң XXXV сессиясы болып өтти.
Сессия жумысына Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы Спикериниң орынбасары С.Отамуратов, Нызамшылық палатасының депутатлары, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң жуўаплы хызметкери А.Ғаниев, сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутатлары, республикамыздағы министрликлер менен ведомостволардың ўәкиллери, район ҳәкиминиң орынбасарлары, район аймағындағы кәрхана, шөлкемлер, ҳуқық қорғаў ҳәм пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары баслықлары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Сессияны район ҳәкими Ж.Адилов алып барды.
Сессияда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы депутатлары тәрепинен Тахтакөпир районында аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыў, экономика тармақларын ҳәм социаллық тараўдың жағдайларын үйрениў, бар машқалаларды шешиўде əмелий жәрдем көрсетиў, пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлерин тəмийинлеўге байланыслы мәселелерди үйрениў нəтийжелери көрип шығылды.
Күн тəртибиндеги мəселе бойынша Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының депутаты З.Ханиязов шығып сөйлеп, усы жылдың 23-март күнинен берли Олий Мажлис Нызамшылық палатасы депутатлары, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети, министрликлер ҳәм мәкемелердиң ўәкиллеринен ибарат топар тәрепинен Тахтакөпир районының социаллық-экономикалық раўажланыў жағдайы үйренилгени туўралы кең түрде мағлыўмат берди.
Жумысшы топар тәрепинен шөлкемлестирилген ҳәр бир сектор орынларға шығып, аймақтағы хожалықларға үйме-үй кирип пуқаралардың мүрәжатлары тыңланған ҳәм олардың белгили бир бөлеги өз орнында шешилген, ал айырымларының шешими бойынша илажлар белгиленген.
Секторлардың жумысы талқыланғанда, пуқаралар тәрепинен 958 машқалалы мәселелер айтылған. Соның 489 ы (дерлик 51 проценти) жумыс пенен тәмийинлеў мәселесине байланыслы болып, олардың 149 ы (30% и) жумысқа орналастырылған. Мүрәжатлардың 37 си «Жол картасы»на киргизилген.
Районда 2017-жыл даўамында 112 инвестициялық жойбардың әмелге асырылыўы нәтийжесинде 543 жаңа жумыс орынлары жаратылған. Өткен жылда субвенция муғдары 44 процентти қураған, быйылғы жылы бул көрсеткишти 30 процентке шекем азайтыў режелестирилген.
Баянатшы өз сөзинде билимлендириў, комуналлық хызмет, медицина, жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлық тараўындағы әмелге асырылған жумыслар, жетискенликлер туўралы кең түрде мағлыўмат берип, анықланған кемшиликлерге тоқтап өтти.
Атап айтқанда, бир қатар мектеплерде рус, инглис тили, информатика пәни бойынша кадрлардың, қарақалпақ тилиндеги көркем әдебиятлардың жетиспейтуғынлығы анықланған. Үш мектепте спорт зал жоқ. 10 мектеп ири оңлаўға, 5 мектеп реконструкцияға мүтәж. 4 мектепте компьютер үскенелери улыўма жоқ. Үйрениў барысында 5 орында мектепке шекемги билимлендириў мәкемесине мүтәжлик анықланған.
Жумысшы топар тәрепинен халыққа көрсетилип атырған медициналық хызмет терең талқыланып, бул тараўды кадрлар жетиспеўшилиги (26,75 ставка вакант) мәселеси қыйнап атырғанлығы анықланған. Орайлық емлеўхана таза ишимлик суўы менен тәмийинленбеген. Әсбап-үскенелер менен тәмийинлениўинде де бир қатар кемшиликлер бар. Райондағы айырым медициналық мәкемелер ири оңлаўға, реконструкциялаўға мүтәж.
Сессияда атап өтилген кемшиликлер бойынша, район ҳәкими Ж.Адилов, районлық медицина бирлеспесиниң баслығы Ы.Палўанов, қаржы бөлиминиң баслығы З.Тажимуратов, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары жумысларын муўапықластырыў бойынша Тахтакөпир районлық Кеңеси баслығының биринши орынбасары Е.Бегманов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, атап өтилген кемшиликлерди сапластырыў, районды социаллық-экономикалық раўажландырыў бағдарындағы режелери менен таныстырды. Депутатлар тәрепинен берилген сораўларға жуўап берилди.
Соң Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы Спикериниң орынбасары С.Отамуратов шығып сөйлеп, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы депутатлары тәрепинен үйрениў нəтийжесинде атап өтилген кемшиликлерди сапластырыў бойынша пикир-усынысларын билдирди.
Сессия күн тәртибиндеги көрилген мәселелер бойынша тийисли қарар қабыл етти.
Сессияға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кенеси Баслығының орынбасары А.Ҳамраев қатнасты ҳәм шығып сөйледи.
Ә.Жиемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.