Бул мүддет бакалавриат тәлим бағдарлары ҳәм магистратура қәнигеликлерине:
төлемли-контракт соның ишинде, дифференцияласқан төлемли-контракт тийкарында студентликке усыныс етилген абитуриентлер (басқаша айтқанда 1-курслар);
оқыўы көширилген (көширип тикленген);
ҳәм қайта тикленген студентлер ушын.
Сондай-ақ, колледж ҳәм техникумларға кирген 1-басқыш оқыўшылары ушын да мүддет 15-мартқа создырылды.
Жоқары курс студентлери ушын контракт төлеў мүддетин ЖОО ректорларының өзи еркин белгилейди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги