Президентимиздиң 2020-жыл 8-июньдеги «Исбилерменлик жумысын ҳәм өзин-өзи бәнт етиўди мәмлекет тәрепинен тәртипке салыўды әпиўайыластырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарына муўапық, бүгинги күнде 80 түрдеги жумыс (хызмет) пенен шуғылланыўшы шахслар өзин-өзи бәнт еткен шахслар болып есапланбақта.

Өзин-өзи бәнт еткен шахслар деп – мийнети дәрамат алыўға бағдарланған, физикалық ҳәм юридикалық тәреплерге хызмет көрсететуғын, жумысларды орынлаўда өзиниң жеке мийнети менен қатнасыўына тийкарланған жумысларды бийғәрез түрде әмелге асыратуғын, жеке исбилермен сыпатында дизимге алынбаған, мийнет стажының есапқа алыныўы ҳәм хошаметлеўши жеңилликлерден пайдаланыў ҳуқықы менен мәмлекетлик салық уйымларынан дизимнен өткерилген физикалық тәреплерге айтылатуғынлығын атап өтиўимиз керек.

Буған репетиторлар, бала бағыўшылар, сантехниклер, электриклер, шаштәрезлер, курьерлер, айдаўшылар, автомобиль жуўыўшылар, өнерментлер, сипсекешлер, тигиўшилер, программистлер ҳәм көплеген басқа да бир қатар кәсиплерди киргизиўимиз мүмкин.  Әҳмийетлиси, бурын усындай жумыс түрлери менен жеке исбилерменлер шуғылланатуғын еди. Енди болса, өзин-өзи бәнт еткен пуқаралар да усы жумыс түрлери менен бир ўақыттың өзинде шуғылланыў имканиятына ийе болды.

– Өткен 2022-жылда республикамыз аймағында өзин-өзи бәнт еткен шахслардың саны 47906 ға жетти,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик салық басқармасының мәлимлеме хызметиниң баслығы М.Мершиева. – Бул көрсеткиш алдыңғы 2021-жылға салыстырғанда 209,9 процентке артты. Бул көрсеткиш тийкарынан Нөкис қаласы, Беруний, Төрткүл, Тақыятас, Қоңырат районларында өскен.

Бүгинги күнде республикамызда өзин-өзи бәнт еткен шахс сыпатында дизимнен өткенлер тийкарынан аўыл хожалығы тараўына туўра келмекте. Олар атап айтқанда, шарўа малларын отлатып қайтыў, оларды бағыў, егин егиў ҳәм тәрбиялаўда қыйтақ жер ийелерине жәрдем бериў сыяқлы жумыслар. Бул жумысларда 18875 пуқара есапқа алынған. Сондай-ақ, шаштәрез, косметолог, аяқ кийим тигиў ҳәм басқа жумысларда 14642 адам, социаллық бағдардағы, репетиторлық етиў, бала бағыў, үй жумысларын ислеў ҳәм басқа усы сыяқлы жумысларда 4946 адам бәнт етилген.

Қарарға муўапық, өзин-өзи бәнт еткен шахс арнаўлы мобиль қосымша ямаса салық төлеўшиниң жеке кабинети арқалы, сондай-ақ, мәмлекетлик салық хызметине тиккелей келиўи арқалы дизимнен өтиўи мүмкин. Онда сораўнама өзин-өзи бәнт еткен шахс тәрепинен электрон тәризде, ал салық хызмети уйымына келгенде салық уйымы хызметкери тәрепинен толтырылады. Өзин-өзи бәнт еткен шахслар мийнет ететуғын аймағы бойынша мәмлекетлик салық хызмети уйымларында дизимге алынады.

Өзин-өзи бәнт еткен шахслардың мийнет стажы есапланыўы ушын белгиленген муғдарда социаллық салық төленеди.

Өзин-өзи бәнт етиўдиң әҳмийетли тәрепи сонда, бунда олар үйинде отырып нызамлы түрде жумыс ислеў имканиятына ийе болады. Бир жылда базалық есаплаў муғдарының бир есеси муғдарында социаллық салық төлейди. Ең әҳмийетлиси, мийнет стажына ҳәм пенсия алыў ҳуқықына ийе болады.

Мәселен, 2022-жылдың 1-сентябрь сәнесинен 2024-жылдың 31-декабрь сәнесине шекем пуқараларға өзин-өзи бәнт еткен шахс сыпатында дизимнен өтип, жеңил автомобильде жолаўшы тасыў жумысларын әмелге асырыўға рухсат берилди. Бул нәрсе айдаўшылар, әсиресе, жеңил жеке меншик транспорты бар адамлар ушын қолайлы болды. Бунда олар салық инспекциясының аймақлық бөлимине барып өзин-өзи бәнт еткен шахс сыпатында дизимнен өтеди ҳәм гүўалық алады. Дизимнен өтиў ҳәм гүўалық бийпул. Соң МХО ға барып, гүўалыққа тийкарланып жолаўшы тасыў лицензиясын алыў ушын 1 жылға белгиленген мәмлекетлик бажыны төлеп, лицензия алады.

Социаллық салық төлеў өзин-өзи бәнт еткенлер ушын ықтыярый саналады. Айдаўшыларға да бул бойынша әмел етиўи лазым болған қағыйдалар бар.

Қарар менен берилген усындай имканиятлар халыққа қолайлықлар жаратыў менен бирге, олардың бәнтлигин тәмийинлеп, олардың дәрамат дәрегине ийе болыўына тийкар жаратпақта. Өзин-өзи бәнт етип, дәрамат дәрегине ийе болып атырғанлар күн сайын көбеймекте.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги