Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 14-февраль күни Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас хаткериниң арнаўлы ўәкили, БМШтың Орайлық Азия ушын превентив дипломатия бойынша Регионаллық орайының басшысы лаўазымындағы миссиясын жуўмақлап атырған Наталья Германды қабыллады.

Мәмлекетимиз басшысы Орайлық Азияда конструктивлик сөйлесиў ҳәм ҳәр тәреплеме бирге ислесиўди раўажландырыў мәселелеринде БМШтың Регионаллық орайы ҳәм басқа да структуралары менен нәтийжели бирге ислесип атырғанын айрықша қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Кейинги бир неше жылда мәмлекетимиздиң басламасы менен ҳәм пүткил халықаралық жәмийетшилик тәрепинен қоллап-қуўатланған ҳалда Бас ассамблеяның региондағы шерикликтиң ең әҳмийетли бағдарлары бойынша төрт резолюциясы қабыл етилди.

Орайдың тиккелей қатнасыўында Өзбекстанда бир қатар ири халықаралық форум ҳәм ушырасыўлар биргеликте шөлкемлестирилди. Буннан тысқары, Орайлық Азия жетекши ҳаял-қызларының сөйлесиўи ҳәм Жаслар ушын превентив дипломатия академиясы платформалары иске қосылды.

Наталья Герман Өзбекстан Президентине регионда дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм исеним орталығын беккемлеў, әмелий бирге ислесиўди кеңейтиўге хызмет еткен әҳмийетли басламалары ушын терең миннетдаршылық билдирди.

БМШтың жоқары дәрежели ўәкили өзиниң жаңа – Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Қәўипсизлик кеңесиниң Терроризмге қарсы гүресиў комитети Атқарыў структурасының басшысы лаўазымында Өзбекстан менен регионаллық қәўипсизлик ҳәм турақлылықты тәмийинлеў бағдарындағы тығыз бирге ислесиў буннан былай да даўам етиўине жәрдемлесетуғынын атап өтти.

ӨзА