Президент Шавкат Мирзиёев социаллық тараўларға жуўапкер басшыларды қабыллады.

Мәмлекетимиз басшысының 2022-жыл 21-декабрьдеги «Жаңа Өзбекстанның ҳәкимшилик реформаларын әмелге асырыў илажлары ҳаққында»ғы пәрманына муўапық ықшам ҳәм нәтийжели басқарыў системасына өтилмекте. Биринши басқышта министрликлер реформаланбақта.

Атап айтқанда, бир-бирине жақын тараўлар тийкарында Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги, Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги, Жаслар сиясаты ҳәм спорт министрлиги, Мәденият ҳәм туризм министрлиги, Денсаўлықты сақлаў министрлиги шөлкемлестирилди.

Президентимиз Өзбекстан халқына Мүрәжатында «социаллық мәмлекет» принципине айрықша итибар қаратқан еди. Социаллық мәмлекет бул, бәринен бурын, инсан потенциалын жүзеге шығарыў ушын тең имканиятлар, адамлар мүнәсип турмыс кешириўине зәрүр шараятлар жаратыў, деген сөз. Бул болса билимлендириў ҳәм медицинаның сапасы, илим ҳәм мәденияттың раўажланыўы, жаслардың турмысында сәўлеленеди.

Мәжилисте  бул тараўлардағы тийкарғы ўазыйпалар додаланды.

Мәмлекетти алға баслаўшы, реформаларды әмелге асырыўшы тийкарғы күш бул – билимли ҳәм саламат әўлад. Сонлықтан билимлендириў системасының барлық басқышлары реформаланып, избе-из раўажландырылмақта. Кейинги жыллары көплеген бақша ҳәм мектеплер қурылды. Жаңа университетлер шөлкемлестирилди. Мектеплерде оқыўшы орны, жоқары билимлендириў менен қамтып алыў артты. Енди тийкарғы итибар сапаға қаратылмақта.

2022-жылы 386 мың мектеп питкериўшилеринен 137 мыңы жоқары билимлендириўге, 20 мыңы колледж ҳәм техникумларға қамтып алынған. Бирақ питкериўшилердиң 50 проценти ҳеш қандай кәсип-өнерсиз мийнет базарына кирип келген.

Жер жүзиндеги жедел бәсеки шараятында жетик қәнигелер таярлаў, өзгериўшең мийнет базары талапларына бейимлесиўин бүгин турмыстың өзи талап етпекте. Соның ушын, 2023-жылдан баслап, оқыўшыларды еки шет тили ҳәм бир кәсипке үйретиў Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигиниң ең тийкарғы ўазыйпасы болатуғыны атап өтилди.

Оған сәйкес түрде, жоқары билимлендириў системасы да өзгериўи керек. Соның ушын институт ҳәм университетлердиң жумысын реформалап, маман кадрлар таярлаў, илим менен өндиристиң интеграциясын кеңейтиў бойынша көрсетпелер берилди.

Кейинги жыллары илимпазлардың мийнет ҳақысы 4,5 есеге арттырылған. Быйыл илим ҳәм инновацияларға 1,8 триллион сум ажыратылмақта. Буннан пайдаланып, суў ҳәм энергияны үнемлеў, топырақ өнимдарлығы ҳәм зүрәәтшилик, геология, санаат, қурылыс сыяқлы әҳмийетли бағдарларда илимий тийкарлар жаратыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Жас әўладты жоқары мәденият руўхында тәрбиялаў мәселесине де тоқтап өтилди. Театр, музыка ҳәм кино тараўларын раўажландырыў, мақам ҳәм бақсышылықты қәстерлеп сақлаў зәрүр екенлиги атап өтилди. Халқымыздың мәденияты ҳәм тәбийғый мәканларды кеңнен үгит-нәсиятлап, туристлерге шараятларды жақсылаў бойынша ўазыйпалар белгиленди.

Денсаўлықты сақлаў тараўында да әҳмийетли мәселелер көп. Ҳәзирги күнде халықтың 56 процентинде артықша салмақ, 30 процентинде созылмалы кеселликлер бар. Соның ушын «Дурыс аўқатланыў ҳәм саламат турмыс тәризи» улыўма миллий ҳәрекети басланатуғыны мәлим етилди.

Медицина билимлендириўине алдыңғы сырт ел тәжирийбесин енгизиў, системаны санластырыў ҳәм медициналық қамсызландырыўды жолға қойыў арқалы сапаны арттырыў бойынша көрсетпелер берилди. Халықты қыйнап киятырған онкологиялық, жүрек-қан тамыр ҳәм эндокринологиялық кеселликлер бойынша ерте өлимшиликти кескин азайтыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Мәжилисте министрлер системаның жумысын нәтийжели шөлкемлестириў мәселелери ҳәм тийкарғы ўазыйпалар бойынша мәлимлеме берди.

 ӨзА