Хожели районындағы Пәрўаз МПЖ имаратында, «Мениң мәҳәллем мениң судьям» атамасында алдаўшылық жынаяты бойынша көшпели суд мәжилиси өткерилди.

Мәжилисте Жынаят ислери бойынша Хожели районы судының баслығы И.Алланиязов, ИИБ профилактика инспекторы А.Тилеўмуратов ҳәм басқалар жынаятшылық, атап айтқанда, бала саўдасы жынаятының алдын алыў ҳәм зорлықтан жәбирленген ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў ҳаққында түсиниклер берип өтти.

Көшпели судта Жынаят ислери бойынша Хожели районы судының баслығы И.Алланиязов тәрепинен алдаўшылық жынаятын ислеген А.Б.ға қарата топланған жынаят иси көрип шығылды.

Суд мәжилисине усы аймақ турғынлары, судланыўшының туўған-туўысқанлары, алдын судланған пуқаралар, сондай-ақ, районлық ишки ислер бөлиминиң профилактикалық есабына алынған пуқаралар қатнасты.

Пуқара А.Б. өзиниң аталас жеңгеси Б.Р.ды  оның атына банктен 30 миллион сум кредит шығарып бериўин айтып алдап, оның исениминен қастан пайдаланып, жеңгесиниң паспортын, ИНН санын, пластик картасын алып, оның электрон имзасынан пайдаланып, банктен пул шығарып алады. Бирақ, банктен ажыратылған 30 миллион сум пулды жеңгесине берместен, өз мәпине жумсайды.

Судта жәбирлениўши Б.Р. өзине келтирилген зыян судланыўшы (қәйни) тәрепинен толық қапланғанын, ол кеширим сорағанын, оған кеширим бергенин, ҳәзирги ўақытта өз-ара жарасып кеткенин билдирип, судланыўшыға қарата жынаят исин жарасыў мүнәсибети менен жуўмақлаўды сорады.

Судта судланыўшы А.Б. қылмысынан пушайманлығын билдирип, жәбирлениўшиге келтирилген зыянды толық қаплап бергенин, жәбирлениўши оған кеширим бергенин билдирип, исти жарасыў мүнәсибети менен жуўмақлаўға қарсылығы жоқлығын билдирди.

Сонлықтан ис, суд тәрепинен Жынаят кодексиниң 661-статьясы (тәреплердиң жарасқанлығы мүнәсибети) менен өндиристен қысқартылды.

Ушырасыўда қатнасыўшылар усындай көшпели ашық суд мәжилислериниң тәрбиялық әҳмийети ҳаққында пикир-усыныслар билдирип, өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги