Усы жыл 11-февраль күни Мойнақ районындағы Мәденият орайында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрмановтың пуқараларды көшпели қабыллаўы болып өтти.
Мәмлекетимизде халық пенен ашық сәўбетлесиў өткериў, олардың талап ҳәм усынысларын үйрениў, машқалаларын тыңлаў, оларды имканият дәрежесинде орнында шешиў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының қала ҳәм районларда көшпели қабыллаўы шөлкемлестирилип келинбекте. Гезектеги көшпели қабыллаўда Мойнақ районы аймағындағы аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынларынан 70 ке жакын пуқара өз мүрәжаты менен қатнасты.
– Мен қабыллаўға “Ҳаял-қызлар дәптери”не киргизиў мәселеси бойынша мүрәжат еттим,-дейди Бозатаў аўыл пуқаралар жыйыны турғыны Жумагүл Дәўлетмуратова.-Мениң бул мүрәжатым унамлы шешилип, “Ҳаял-қызлар дәптери”не киргизилдим ҳәм буның ушын ҳүкиметимиз басшыларынан миннетдарман. Тап усындай мәселе менен мүрәжат еткен Махида Хожамуратованың мүрәжаты өз шешимин тапты.
Пуқара Оңғарбай Зинатдинов Таллыөзек мәкан пуқаралар жыйыны жаслар жетекшисиниң усынысы менен “Жаслар дәптери”не киргизилген. Енди ол бул имканияттан утымлы пайдаланып, өзиниң исбилерменлигин жолға қоймақшы. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының көшпели қабыллаўында субсидия тийкарында инкубатор алып бериўде әмелий жәрдем сорап мүрәжат етти. Енди ол өзиниң исбилерменлигин баслап, шаңарағына дәрамат киргизеди.
Район турғыны Даўылбай Баядиловтың турақ жайына қуяш панеллерин орнатып бериў бойынша мүрәжаты унамлы шешилетуғын болды. – Тәбийғый ресурслардың өлшеми ҳәм мөлшери бар. Бул ресурсларды қәстерлеп сақлаў ҳәр пуқараның миннети – дейди ол өз сөзинде.
Сондай-ақ, усы күни пуқаралардан тийкарынан “Ҳаял-қызлар дәптери”не, “Жаслар дәптери”не киргизиў, өзин-өзи бәнт етиў мақсетинде субсидия тийкарында әсбап-үскенелер алыў, ден саўлығындағы наўқаслығын емлетиўге материаллық жәрдем, турақ жай ҳәм тағы да басқа мәселелер бойынша мүрәжатлар келип түсти. Олардың көпшилиги орнында шешимин тапқан болса, мүддет талап ететуғын мүрәжатлар тийисли тараў басшыларына тапсырылып, орынланыўы қадағалаўға алынды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги