“Өзбекнефьтгаз” акционерлик жәмийети тәрепинен кәнлерде табийғый газ қазып шығарыўды көбейтиў, углеводородлардың запасын арттырыў мақсетинде әмелге асырылған кең көлемли өзлестириў жумысларының нәтийжесинде Мойнақ районында қайта оңланған қудықтан орташа күнлик 144 мың куб метр санаат көлеминде табийғый газ ҳәм 1,5 тонна конденсат қазып алыныўына ерисилди.
Атап айтқанда, қудықларды капитал оңлаў жумысларын орынлаў барысында жаңа қудықлар бурғыланып, тоқтатылған қудықлар комплексинде турғанлары қайта оңланып, иске қосылмақта.
Үстүрт газ қазып шығарыў басқармасына қараслы “Шығыс Бердақ” кәниндеги 35-санлы қудықта алып барылған капитал оңлаў жумыслары табыслы жуўмақланды. “Өзнефьтгазқудықоңлаў” акционерлик жәмийети қәнигелери тәрепинен қудықтың 1857-1852, 1815-1813 метрлери аралығында перфорация жумыслары алып барылды.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы