Өсип киятырған жас әўладлардың тәлим-тәрбиясына қаратылып атырған айрықша диққат-итибар ҳәм қоллап-қуўатлаўдың нәтийжесинде соңғы жыллары республикамыз жаслары мәмлекет ҳәм халықаралық көлемде өткерилетуғын ҳәр қыйлы таңлаў ҳәм жарысларда үлкен жетискенликлерге ерисип, елимиз абырайын пүткил дүньяға танытып келмекте.
Әсиресе, жасларымыздың билимлендириў ҳәм спорт тараўларындағы қолға киргизген табыслары халқымызды шексиз қуўанышқа бөлейди.
Шымбай районының ең шетки аймақларының бири Қызылөзек елатында туўылып, камалға келген Гүлқумар Жақсылықова да усындай үлкен жетискенликлерге ерисип киятырған жасларымыздың бири.
2005-жылы педагоглар шаңарағында дүньяға келген ол бес жыл даўамында жыйын орайындағы 17-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде тәлим алды. 2017-жылы болса, И.Юсупов атындағы дөретиўшилик мектебине имтиханлардан табыслы өтиўге миясар болды.
Кишкене гезлеринен баслап-ақ, қосық ҳәм гүрриңлер жазыўға қызыққан аўыл қызының Өзбекстан Республикасы Президентиниң тиккелей басламасы менен ашылған И.Юсупов атындағы дөретиўшилик мектебине оқыўға қабылланыўы Гүлқумардың қәлеминиң ысылыўына унамлы тәсир көрсетти. Нәтийжеде оның мақала, гүрриң ҳәм қосықлары “Жеткиншек” газетасында турақлы түрде жәрияланып, газета редакциясы тәрепинен ҳәр жылдың жуўмағында өткерилетуғын “Ең, ең, ең…” таңлаўында бир неше мәрте жеңимпаз болыўға еристи.
-“Жеткиншек” газетасына мақала ҳәм гүрриңлеримниң жәрияланыўында газетаның жуўаплы хаткери, устазым Дарийха Үббиниязованың көрсеткен жол-жобасы айрықша болды,-дейди Гүлқумар бизге.- “Ешегимиз қалай жазаланды” деп аталған дәслепки гүрриңим газетада жәрияланып, оған устазым тәрепинен жоқары баҳа берилиўи мени шексиз қуўанышқа бөледи. Ал, мектепте болса, класс басшымыз Гүлшад Атаниязова мени қарақалпақ тили ҳәм әдебиятынан өткерилетуғын пәнлер олимпиадасы, “Камалак жулдызлары” ҳәм басқа да таңлаўларға таярлап, жетискенликлерге ерисиўиме өзиниң салмақлы үлесин қосты. Атап айтатуғын болсам, “Аязий билимданлары”, “Камалак жулдызлары”, Өзбекстан Қаҳарманы, Өзбекстан халық шайыры Эркин Воҳидов дөретиўшилиги бойынша өткерилген таңлаўларда жеңимпаз болыўға миясар болдым. Қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәнинен өткерилген пәнлер олимпиадасының Нөкис қалалық басқышында 9-10-11-класста биринши орынды ийелеп, республикада жоқары балл топлаўға еристим. Мен кейинги жыллары дүньяның ең раўажланған еллеринде билим алыўды нийет етип, инглис тилинен көп оқып, өз үстимде қызғын таярлықлар алып бардым.
Ҳақыйқатында да, кеўли жақсы нийетлерге толы бул қыз өзиниң тынымсыз мийнетлериниң арқасында өткен жылы “Immerse essay” халықаралық таңлаўына қатнасып жеңимпаз болыўға ериседи. Ал, быйылғы жылы болса, АҚШтың Willes University 88 мың , New England Colledge 125 мың , Mckendree University, Villa Mfria Colledge 68 мың долларлық грантларын жеңип алып, бул жоқары оқыў орнына оқыўға қабылланыўға миясар болды.
Ҳәзирги күнлери болса, ол интернет тармақлары арқалы дүньяның басқа да абырайлы оқыў орынларына ҳүжжетлерин тапсырып, оған имтиханлар тапсырмақта.
Жақында ол “11-февраль-Халықаралық илим тараўындағы ҳаял-қызлар күни” мүнәсибети менен өзи балалықта тәлим алған мектепте болып, оқыўшылар менен ушырасыў кешесин өткерди.
Онда Гүлқумар Жақсылықова өзиниң балалық жыллары, дәслепки устазлары ҳәм дөретпелери, ерискен табыслары ҳаққында илаж қатнасыўшыларына кең түрде айтып берип, олардың қызықтырған сораўларына жуўап берди.
-Ҳәзир оқыўшының қай жерде оқығанының парқы жоқ. Барлық мектеплерде оқыўшылардың сапалы билим алыўы ушын көплеген қолайлы шараятлар жаратылған. Тек ғана оқыўшы еринбестен оқып изленсе, үлкен нәтийжелерди қолға киргизиўге болады. Мениңше оқыўшыда ең тийкарғысы оқыўға деген умтылыс ҳәм инта болса болды,-дейди Гүлқумар ушырасыў кешесиндеги сөзинде.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы