Усы жыл 11-февраль күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаевтың республикамыздағы жоқары оқыў орынларының, илимий мәкемелердиң басшылары, профессор-оқытыўшылары ҳәм бир қатар илимпазлар менен ушырасыўы болып өтти.



Онда бүгинги күнде илим-изертлеў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар, тараўға жаңа инновациялық идеяларды кеңнен тартыў, республикалық ҳәм халықаралық жойбарлар менен ислесиўди буннан былай да  жетилистириў, сондай-ақ,  ушырасып атырған машқалалар сөз етилди.

Атап өтилгениндей, сонғы жыллары елимизде илимди раўажландырыў, профессор-оқытыўшылардың илимий жумысларының нәтийжелилигин арттырыў, оларды хошаметлеў бағдарында кең көлемли жумыслар алып барылмақта. 2030-жылға шекем илимди раўажландырыў концепциясының қабыл етилгенлиги өз гезегинде тараўға қаратылып атырған айрықша итибардың және бир айқын көриниси болып табылады. Жаратылған жаңа система тийкарында тараўдың илимий хызметкерлериниң ис ҳақылары бир неше есеге көбейтилди, айрықша үстемелер белгиленди ҳәм барлық қолайлы шараятлар жаратылды.





Усындай имканиятларға қарамастан тараўда еле шешимин күтип турған машқалалар менен бир қатарда, жол қойылып атырған бир қатар кемшиликлер сынға алынды.

Атап айтқанда, жоқары оқыў орынлары ҳәм шөлкемлерде илимий дәреже бериўши Илимий Кеңеслердиң жумыслары қанаатландырарсыз дәрежеде екенлиги, республикамыз Өзбекстан көлеминде жоқары оқыў орынларының саны бойынша 4-орында турған болса да, профессор-оқытыўшылардың илимий потенциал көрсеткиши төмен дәрежеде екенлиги, рецензияланатуғын илимий әдебиятлардың бирден-бир “СКОПУС” мағлыўматлар базасының нәтийжелери бойынша Қарақалпақстандағы жоқары оқыў орынларында жумыс алып барыўшы профессор-оқытыўшылардың дүнья жүзиниң абырайлы журналларында жәрияланған илимий мақалаларынан дүнья жәмийетшилиги тәрепинен пайдаланыў дәрежеси оғада төмен көрсеткиште болып қалмақта.





Буннан тысқары, айырым профессор-оқытыўшылар жас изертлеўшилерге басшылық етиўде, илимий конференцияларда өзиниң баянатлары менен қатнасыўда белсендилик көрсетпей атырғанлығы атап өтилди. Соның менен бирге, жасларға сапалы билим бериўде айырым пәнлер бойынша сабақлық ҳәм оқыў қолланбалардың жаратылмай атырғанлығы, жоқары оқыў орынлары тәрепинен жергиликли ҳәм халықаралық жойбарларда қатнасыў дәрежесиниң төмен екенлиги де сынға алынды.

Ушырасыўда жол қойылған кемшиликлер менен бир қатарда республикамыз аймағында илимди раўажландырыў бойынша пикир алысылды. Бул бойынша профессор-оқытыўшылар ҳәм илимпазлар тәрепинен пикир-усыныслар билдирилди. Сондай-ақ, Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси жанында Илимий Кеңес дүзиў бойынша усыныс билдирилди ҳәм бул усыныс илимпазлар тәрепинен қоллап-қуўатланды.


Ушырасыў даўамында республикамыз аймағында илим изертлеў жумысларын системалы түрде әмелият пенен байланыслы раўажландырыў, әмелий нәтийжелер менен тийисли тараўлардың раўажланыўына мүнәсип үлес қосыў бағдарында алдағы ўазыйпалар белгилеп алынды.

Қатнасыўшылар тәрепинен бундай ушырасыўларды жийи-жийи өткерип турыў бойынша усыныслар билдирилди.


Қарақалпақстан хабар агентлиги