Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаевтың басшылығындағы депутатлар Арал теңизиниң қурыған ултанындатүбиндеги  нәл егиў бойынша ийгиликли басламаға өзлериниң үлесин қосыў мақсетинде бул жерде болды.

Сонғы жыллары Арал теңизи қурып кетиўиниң унамсыз ақыбетлерин жумсартыў, теңиздиң қурыған ултанында жасыл қапламаларды пайда етиў ҳәм дегредацияға ушыраған жерлерде экосистеманы тиклеў, Аралбойы аймағын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, халықтың турмыс дәрежесин буннан былай да жақсылаў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Жақында ғана Арал теңизиниң қурыған ултанында “Теңиз шегинсе де, инсан шегинбейди” сүрени астында жасыл аймақларды пайда етиў бойынша гезектеги жумыслар басланды.  Президентимиздиң басламасы менен кеңнен ен жайған илажлар нәтийжесинде 2018-2022-жыллар даўамында жәми 1 миллион 624 мың гектар майданға шөл өсимликлери егилген. Бүгинги күнде де бул жумыслар қызғын түрде даўам еттирилмекте.




Депутатлар Арал ултанында жасыл қапламаларды пайда етиўде аянбай хызмет етип атырған мийнеткешлердиң ҳал-жағдайынан хабар алып, оларға азық-аўқат ҳәм басқа да керекли затларды тапсырды. Тараў пидайылары менен жақыннан сәўбетлести, олардың әмелге асырып атырған бундай тарийхый пидайылығы өзиниң күтилген нәтийжесин беретуғынлығына беккем исеним билдирди. Өзлери де сексеўил, жыңғыл сыяқлы шөлге шыдамлы өсимликлердиң нәлин егиў жумысларына қатнасты.









Қарақалпақстан хабар агентлиги