Республикамыз аймағындағы қайта реконструкцияланған “Оң жағалық” каналына Түйемойын суў сақлағышынан суў ашылыўы мүнәсибети менен илаж болып өтти.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев шығып сөйлеп, соңғы жылларға салыстырғанда быйылғы жылда суў сақлағышта суў көбирек жыйналғаны ҳәм бул өз гезегинде халқымыздың мол ырысқы-несийбеси болған аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўде әҳмийетли болған суўдың үзликсиз жеткерип берилиўинде өзиниң сезилерли тәсирин тийгизетуғынлығын атап өтти.





Жәҳән банки қатнасыўындағы “Қубла Қарақалпақстанда суў ресурсларын басқарыўды жақсылаў” жойбары шеңберинде “Оң жағалық” , “Бостан” ҳәм басқа каналларда кең көлемли реконструкция жумыслары әмелге асырылмақта. Сондай-ақ, жойбар шеңберинде 595 километр тийкарғы ҳәм хожалықлараралық суўғарыў каналлары қайта тикленди, 29,5 километр узынлықтағы жаңа каналлар ҳәм жаңадан 932 дана гидротехнологиялық объект қурылды, 15,37 мың гектар суўғарылатуғын жер лазер үскенеси жәрдеминде тегисленди ҳәм терең жумсартылды.




Быйылғы шор жуўыў мапазы алдынан “Оң жағалық” каналының суў алыў бөлегинде суў хожалығы мәкемелериниң арнаўлы техникалары жәрдеминде тазалаў жумыслары алып барылды ҳәм каналға суў ашылды. Илажда суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланып, шор жуўыў илажларын шөлкемлескенлик пенен өткериў бойынша ўазыйпалар белгиленди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги