Хабар бергенимиздей, Қазақстан Республикасының Түркстан қаласында Орайлық Азия мәмлекетлериниң биринши парламентлер аралық форумы болып өтти.

Онда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Танзила Норбоева басшылығындағы делегация да қатнасты.

Форум қатнасыўшыларына Орайлық Азия мәмлекетлериниң басшылары қутлықлаў сөзлерин жоллады. Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтиң форум қатнасыўшыларына жоллаған қутлықлаўын Сенат Баслығы Т.Норбоева оқып еситтирды.

Форумда Орайлық Азия мәмлекетлери арасында стратегиялық бирге ислесиўди беккемлеў ҳәм бул процессте парламентлердиң ролин және де арттырыўға байланыслы мәселелерге айрықша итибар қаратылды.

Өзбекстан Президентиниң басламасы тийкарында регион мәмлекетлериниң жетекшилери арасында алып барылып атырған өз-ара исенимге тийкарланған жедел сиясий сөйлесиўлер избе-из болып өтпекте. Бул Орайлық Азия мәмлекетлериниң бирдей мәпдар болған тынышлық-татыўлық, қәўипсизлик, шегара мәселелери, сондай-ақ, экономика, инвестиция, туризм, мәденият, денсаўлықты сақлаў ҳәм экологияға байланыслы регионаллық сондай-ақ, халықаралық әҳмийетке ийе мәселелер бойынша әҳмийетли баслама ҳәм қарарлардың қабыл етилиўине тийкар жаратпақта.

Форумда бул бағдарда парламент дипломатиясының орны ҳәм әҳмийети күн сайын артып баратырғаны атап өтилди. Әсиресе, глобал қәўип-қәтерлер күшейип баратырған ҳәзирги шараятта туўысқан ҳәм өз-ара дос халықлар парламентлериниң ҳәрекетлерин бирлестириў, олардың потенциалынан және де кеңирек пайдаланыў бурынғыдан да үлкен әҳмийетке ийе.

Әне, усы бағдарда Өзбекстан Республикасының парламент дипломатиясы концепциясының қабыл етилгени өзиниң унамлы нәтийжесин бермекте.

Өзбекстан парламенти делегациясының басшысы өз сөзинде өз-ара пайдалы бирге ислесиўди жедел раўажландырыўға қаратылған жумыслар парламент ағзаларына үлкен жуўапкершилик жүклейтуғынын атап өтти.

Халықаралық сиясаттағы жоқары турбулентлик шараятында ҳәм дүнья экономикасында кризисли ҳәдийселердиң күшейиўи фонында парламентлердиң ҳәрекетлерин бирлестириў, машқалаларды биргеликте шешиўге болған талап күн сайын артып бармақта.

Форумның жолға қойылыўы болса мине, усындай турмыслық талапларды қанаатландырыў менен бир қатарда регионаллық бирге ислесиўди және де беккемлеўге үлес қосады.

– Регион мәмлекетлери парламентлериниң нәтийжели қарым-қатнасы бойынша жолға қойылған бул жаңа платформа шеңберинде нызам шығарыўшы уйымлар өз-ара бирге ислесиўиниң ҳуқықый тийкарларын беккемлеў бағдарындағы жумысларды және де жеделлестириў керек. Сондай-ақ, миллий нызамшылық тийкарларын өз-ара үйлестириў бойынша нызамшылық нормаларын терең таллаў ҳәм жетилистириў мақсетке муўапық,-деп атап өтти Т.Норбоева.

Форумда улыўма тарийхый ҳәм мәдений мийрасқа тийкарланған мәдений-гуманитарлық бирге ислесиўди кеңейтиўде парламент ағзаларының қатнасыўын және де күшейтиў мәселелери де додалаў орайында болды.

Форум қатнасыўшылары еки ҳәм ҳәр тәреплеме қатнасықларды раўажландырыўда ҳәр қыйлы форумлар, мәдений илажларды өткериў, халықларымызды бир-бири менен және де бирлестириўге хызмет ететуғын туризм бағдарлары бойынша бирге ислесиўдеги жойбарларды әмелге асырыў бойынша өз-ара пикир алысты.

ӨзА