Өзбекстан Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Танзила Норбоева Орайлық Азия мәмлекетлериниң биринши парламентлер аралық форумы шеңберинде Қазақстан Республикасы Парламенти Сенатының баслығы Маулен Ашимбаев пенен ушырасты.
Ушырасыўда мәмлекетлеримиз арасындағы бирге ислесиў жоқары исеним ҳәм өз-ара ҳүрмет тийкарында раўажланып баратырғаны, өз гезегинде байланыслардың жеделлесеўи мәмлекетлеримиздиң ҳәр тәреплеме қатнасықларын және де күшейтиўге хызмет ететуғыны атап өтилди. Конструктивлик ҳәм әмелий руўхта өткен сөйлесиўде парламентлер аралық бирге ислесиўдиң перспективалары, атап айтқанда, өз-ара байланысларды жаңа мазмун менен байытыў бойынша пикир алысылды.
Т.Норбоева Өзбекстан – Қазақстан байланыслары беккемленип баратырған ҳәзирги шараятта парламентлер аралық бирге ислесиўди ҳәр тәреплеме раўажландырыў зәрүр екенин атап өтти. Парламент ағзалары мәмлекетлеримиз басшылары тәрепинен белгиленген мақсетлердиң орынланыўы үстинен парламентлик қадағалаўды тәмийинлеў ушын барлық ҳәрекетлерди иске қосыўы зәрүр.
М.Ашимбаев Орайлық Азия мәмлекетлери форумының регионаллық әҳмийетине тоқтап өтип, усы форматтағы майданды шөлкемлестириў интакери мине, усы Өзбекстан болғанын айрықша атап өтти. Еки мәмлекет арасындағы өз-ара пайдалы конструктивлик бирге ислесиў усы платформада және де жаңа басқышқа көтерилиўи ҳәм еки мәмлекет арасында жоқары дәрежеде келисилген ҳәр қыйлы тараўлардағы байланыслар және де нәтийжели алып барылыўына тийкар болатуғынына исеним билдирди.
Сөйлесиў ўақтында тәреплер еки мәмлекет арасындағы саўда-экономикалық, инвестициялық бирге ислесиў, транспорт-коммуникация, мәдений-гуманитарлық тараўлардағы байланысларды және де күшейтиў мақсетинде парламентлердиң имканиятларынан кеңирек пайдаланыў зәрүр екенлигин атап өтти.
Ушырасыў жуўмағында еки тәреплеме ҳәм региоанллық күн тәртибиндеги кең көлемли мәселелер бойынша турақлы түрде сөйлесиў ҳәм пикир алмасыўды даўам еттириўге келисип алынды.
ӨзА