Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Мебеь өнимлерин ислеп шығарыўға қәнигелескен киши санаат зоналарын инженерлик-коммуникация инфраструктурасы менен тәмийинлеў, таяр мебель өнимлериниң экспортын хошаметлеўди күшейтиў, тараўға тәжирийбели кадрларды тартыў мақсетинде:

  1. Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық 2023-жыл 1-февральдан 2024-жыл 1-январьға шекем:

таяр мебель өнимлерин экспорт етиўши исбилерменлик субъектлерине сырт елдеги офис, саўда ҳәм қоймахана имаратларын ижараға алыў қәрежетлериниң бир бөлегин Экспортты хошаметлеў агентлиги тәрепинен қаплап бериўде бул турақ жай емес орынлар майданына қойылған норма көрсеткиши 100 квадрат метрден 250 квадрат метрге арттырылады;

жыллық түсиминде таяр мебель өнимлериниң экспортынан түсим үлеси кеминде 30 процентти қурайтуғын жергиликли кәрханалар тәрепинен инженер-технолог, лак ҳәм бояў себиў устасы, дизайнер сыяқлы сырт ел қәнигелери тартылғанда, олардың мийнет ҳақысының 25 проценти, бирақ мийнетке ҳақы төлеўдиң ең аз муғдарының 9 есесинен көп болмаған бөлеги Экспортты хошаметлеў агентлигиниң қаржылары есабынан қаплап бериледи.

Онда, сырт ел қәнигелерин тартыў қәрежетлери экспорт көлеми ҳәр шеректе 1 миллион доллардан артқан кәрханаларға шерек жуўмағы менен келеси айдың 10-сәнесине шекем берилген ҳүжжетлер тийкарында төленеди.

  1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 21-июньдағы «Республикамыз аймақларында мебель қурылысы санаатын раўажландырыўға қаратылған илажлар ҳаққында»ғы ПҚ-5155-санлы қарарына 2-қосымшада нәзерде тутылған шийки зат, аўысық бөлеклер, фурнитура ҳәм аксессуарларды Өзбекстан Республикасы аймағына алып кириўде бажыхана бажысының нольлик ставкаларының қолланылыўы 2024-жыл 1-январьға шекем создырылсын.
  2. 2023-жыл 1-февральдан 2024-жыл 1-январьға шекемги дәўирде 1-қосымшаға муўапық мебель ислеп шығарыўда пайдаланылатуғын шийки зат, аўысық бөлеклер, фурнитура ҳәм аксессуарлар импортында бажыхана бажысының нольлик ставкасы қолланылсын.
  3. Суў хожалығы министрлигиниң Ферғана ўәлаяты, Фурқат районы Қўқонбай мәҳәллесиндеги суў хожалығы имаратын Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги басшылығына өткериў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.

Онда, Ферғана ўәлаяты ҳәкимлиги Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги, Қурылыс ҳәм турақ жай коммуналлық хожалығы министрлиги менен биргеликте үш ай мүддетте усы имаратты жергиликли бюджеттиң қосымша дәреклериниң қаржылары есабынан қайта оңлаў, инфраструктура, мәлимлеме-китапхана орайы, әсбап-үскенелер, материаллық-техникалық ҳәм шийки зат базасы менен тәмийинлеў сондай-ақ, ағаш оймакерлиги, мебель қурылысы, кестешилик ҳәм нағыс ойыў сыяқлы миллий өнерментшилик тараўына қәнигелескен заманагөй улыўма билимлендириў мектебин шөлкемлестириў бойынша халық депутатлары Ферғана ўәлаятлық Кеңесине усыныс киргизиў илажларын көрсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 21-июньдағы «Республикамыз аймақларында мебель қурылысы санаатын раўажландырыўға қаратылған илажлар ҳаққында»ғы ПҚ-5155-санлы қарарына 2-қосымшаға муўапық өзгерислер киргизилсин.
  2. Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлиги еки ай мүддетте:

республикамызда жумыс алып барып атырған мебель қурылысы кәрханаларын Мебель ҳәм ағаш ислеп шығарыў санааты ассоцациясы тәрепинен толық қамтып алыўды хошаметлеў;

жергиликли мебель ислеп шығарыўшы кәрханаларды инвентаризациядан өткериў тийкарында олардың дизими, ислеп шығарылатуғын өним түрлери, қуўатлықлары ҳәм басқа да көрсеткишлериниң электрон базасын қәлиплестириў;

мәпдар министрлик ҳәм уйымлар менен биргеликте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққындағы усынысларды Министрлер Кабинетине киргизсин.

  1. Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип инвестициялар, санаат ҳәм саўда министри Л.Ш.Қудратов белгиленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                  Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2023-жыл 10-февраль